Илимий-ағартыўшылық илажлар басланды

Республикамызда ҳәм Хорезм ўәлаятында үш күн даўамында уллы ойшыл Әбиў Райхан Беруний туўылған күниниӊ 1050 жыллығына бағышланған “Әбиў Райхан Беруний илимий мийрасыныӊ дүнья илиминиң раўажланыўындағы орны” атамасында илимий-әмелий конференция ҳәм илимий-ағартыўшылық илажлар болып өтеди.
Өзиниӊ айрықша әҳмийетке ийе шығармалары ҳәм таӊқаларлық ашылыўлары менен дүнья илими ҳәм мәдениятыныӊ раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы ойшыл, энциклопедист илимпаз, дәслепки Ренессанс дәўириниӊ айқын ўәкили Әбиў Райхан Берунийдиӊ илимий-ағартыўшылық мийрасын буннан былай да тереӊ үйрениў ҳәм кеӊнен үгит-нәсиятлаў, бул бағдарда изертлеўлер алып барып атырған жетекши халықаралық илимий орайлар менен тығыз байланыс орнатыў мақсетинде Президентимиздиӊ 2022-жыл 25-августтағы “Уллы ойшыл ҳәм энциклопедист илимпаз Әбиў Райхан Беруний туўылғаныныӊ 1050 жыллығын халықаралық көлемде белгилеў ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
25-сентябрь күни Нөкис халық аралық аэропортында илимий-әмелий конференция­да қатнасатуғын сырт елли ҳәм жергиликли илимпазларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм басқалар салтанатлы жағдайда күтип алды. Илаж қатнасыўшылары И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, халық әмелий көркем өнери үлгилери менен жақыннан таныс­ты.
Усы күни Беруний районында “Әбиў Райхан Беруний илимий мийрасыныӊ дүнья илиминиң раўажланыўындағы орны” атамасында илимий-әмелий конференция, оныӊ өмири ҳәм илимий ­хызметлерине бағышланған китаплар ҳәм сүўретлер көргизбеси, райондағы “Ақшахан қала” мәдений мийрас объектинде алып барылып атырған археологиялық жумыслардыӊ презентациясы, Әбиў Райхан Беруний тарийхый драмасыныӊ премъерасы, сондай-ақ Ашық театрда илимпаздыӊ туўылғаныныӊ 1050 жыллығына бағышланған гала концерт болды.

Қарақалпақстан хабар
агентлиги.