АТА МӘКАН

Нағыйма апа үйинде әдеттегидей кишкене ақлықларын ойнатып, олардыӊ қылықларын сүйсинип бақлап, кеўли шадланып отыр еди. Бир ўақытта қол телефоны шыӊғырлап қалды. Алып қараса, Хожелиде жасаўшы ортаншы иниси екен.
– Ассалаўма әлейкум, әжапа!
– Ўалейкум ассалам, Айбек иним! Қалайсаӊ, денсаўлықларыӊ жақсы ма? Келинлер аман отыр ма? Балаларыӊ өсип атыр ма? Жумыс жағдайларыӊыз қалай, қыйналып атырған жоқсыз ба?
– Аллаға шүкир, бәри жақсы, рахмет әжапа! ϴзлериӊиз қалайсызлар? Аўыл-ел аман ба? Жездем, жийенлер жақсы жүр ме? Ақлықларыӊыз өсип атыр ма?
– Шүкир, рахмет иним. Бәри жайында. Ҳақтыӊ берген ырысқы-несийбесине шүкирлик етип, ақлықларды тәрбиялап, бала бақша болып отырмыз. Ал, өзиӊде не жаӊалықлар?
– Азат әжағам марҳум ата-анамыздан мийрас болып қалған жайды жақын арада сатып, биротала сырт елге көшип кетежақ деп еситип атырман. Бул қалай болғаны? ϴзиӊиз билесиз, әжапа, ол үйде бәримиз «инга»лап дүньяға келип, бирге ойнап-өсип, камалға келгенбиз. Тийе берсин, әкемиз не-не аўыр машақатларды көрип, ҳадал маӊлай терин төгип, бул қутлы имаратты тиклеп еди. Бийғам балалығымыздыӊ шийрин мәўритлери өткен қәдирдан үйди сатып жибериўге қалайынша көзи қыяр екен?
– Иним-аў, несин айтасаӊ?! Мен де бул хабарды еситип, қатты қыйналып атырман. Сағынсақ арасында төркинимизге қыдырып барып туратуғын едик. Енди бул жағын Азат пенен Гүлнара шешеди. Бизлер араласып, бир нәрсе десек, ортада өкпе-гийне пайда болып, сәл жерде аўызбиршиликти жоғалтып алармыз деп қорқып отырман. Мыӊ айтқан менен үйдиӊ ийелери енди олар…
– Айтқанларыӊыз дурыс, әжапа. Деген менен, бундай мәселени алды менен кеўилге жақын туўған-туўысқанлар менен мәсләҳәтлесип шешсе, бизлердиӊ де пикирлеримизди тыӊласа жақсы емес пе? Марҳум әке-шешемиздиӊ руўҳлары шырқырап атырған жоқпекен деп қынжыламан. Ата мәканнан хабар алайық деп, айында, жылында бир қыдырып барғымыз келсе, енди қай жерге дизе бүгемиз. Үлкен үй бәримиз ушын да қәдирли. Қәйткенде де, балалығыӊ өткен жерлер кеўлиӊе дүньяныӊ кеӊ сарайындай түйилип, көзиӊе оттай басыла береди, ақыры… Усылар жөнинде әжағам менен жеӊгеме жатығы менен түсиндирип айтып көрсеӊиз, қалай болар екен, әжапа?
– Мақул, Айбек, гәптиӊ ийни келгенде бир айтып көрейин. Жайды бирден сатып жибере қоймас, «жети өлшеп бир кесер» деген үмиттемен. Бизлер менен де ақылласар деген дәмем бар. Болады, онда иним, саў болғайсызлар. Келинлерге сәлем айт!
– Яқшы, әжапа, аман болыӊ. Сиз де үйдегилерге сәлем айтыӊ!
Телефондағы сәўбет жуўмақланғаннан соӊ, Нағыйма апаныӊ қолы иске бармай, төркин журтында болып атырған ўақыяларды ой елегинен өткерип, белгили бир шешимге келе алмай сарсылды. Түни менен көзи илинбей, туўысқанлары ҳаққында ойланып шықты.
Шаӊарақта олар үш ул, үш қыз болып, кишкенелигинен бир-бириниӊ зейнине тиймей, бириниӊ минезине екиншиси қанық болып камалға келди. Ата-анасы перзентлериниӊ татыўлығына сүйсинип: «Түпәләм, көз тиймесин! Мудамы усындай аўызбиршиликли болып жасасаӊыз, бизлердиӊ де сизлерден кеўлимиз тоқ болып, дүньядан әрмансыз өтер едик» деп марапатлап қояр еди. Жигербентлери ержетип, алды үйленип, қызлары қутлы қыяларына қонып, бахытлы ғаррылыққа енди жеттик дегенде, Жумабай аға менен Бийбигүл апа изли-изинен ҳаққа аманатын тапсырады.
Туӊғыш улы Азат ата-анасыныӊ жыл садақасын бергеннен соӊ, изинде ержетип турған еки иниси Айбек ҳәм Алишерди хожалықлы етиўдиӊ ҳәрекетине киристи. Еки туўысқанныӊ бахыт тойларын бир өткерип, ел-халықтыӊ ақ пәтиясын алды. Қәдирдан отаўда үш хожалық «сен-мен»ге барыспай, бар тапқанын бөлисип татып, татыў өмир сүре баслайды. Арадан көп өтпей киши еки туўысқан: «Енди бир үйде бәримиздиӊ тығылысып отырғанымыз сәл қолайсызлаў болар. Туўысқанлар есейгеннен соӊ өз соқпағын табыўы заӊлы қубылыс. Азат әжағамыз үлкен есикте қалғаны мақул. Бизлер ҳәзирше кирейге үй таўып, бөлек шығыўдыӊ ғамын жейик, басымыз аман болса, әсте-ақырын аяққа турып, өзимизди тиклеп алармыз» деген тоқтамға келип, әжағасы менен ойласады. Азат та бул усынысты мақуллап, олардан қолынан келетуғын жәрдемин аямаслығын айтады. Усылайынша Айбек, Алишер өз алдыларына кирейге көшип өтип, халық қатары түтин түтетип, жеӊ түринип хожалығыныӊ арбаларын тартыўға бел байлайды.
Азаттыӊ идиралды перзенти Парахат үйленгенинен кейин келиншеги Замира менен шет елге жумыс ислеўге тез-тезден барып жүрип, биротала сол жақлы болып қалып, имарат салыўдыӊ әнжамына кириседи. Соӊында ата-анасын да туўылған жердеги жайын сатып, сол жаққа көшип барыўға ийтермелейди. Жайды сатыў пикири мине, усылайынша келип шыққан еди. Азаттыӊ қостары Гүлнара балаларыныӊ жанында болғысы келетуғынлығын айтып, үйди сатыў пикирин қоллап-қуўатлайды.
– Ҳәр бир ата-ана перзентлериниӊ қызықларын көриўди әрманлап жасайды. Көзимиздиӊ ағы-қарасы болған сүйикли жигербентлеримиз қай жерде жасаса, биз де сол жерде өмир сүргимиз келеди. Бул жақта екеў ғанамыз қалып не қыламыз? Пүткил ой-қыялым оларда болады. Сонлықтан да, абзалы, бул үйди сатыўға қойып, өткендей болса пулын мүтәжимизге жумсайық, – деп күйеўине кеўлиндегисин айтып, бир шешимге келген еди.
Айбектиӊ пикиринше, үлкен отаўды сатыўға қойыўдан алдын, ағайин-туўғанныӊ алдынан өтип, пикирлерин инабатқа алып, егер жақынлары ыразы болмаған жағдайда жайды сатпай, келисим менен туўысқанлардыӊ бирине берип кеткени мақул болар еди.
– Бизлерге жайдыӊ қаншаға сатылғанлығы, улыўма пул мәселеси әҳмийетли емес, ата-анамыздыӊ ҳадал еӊбеги менен нийетлеп тикленген муқаддес отаўдыӊ сақланып қалынғанлығы әҳмийетли. Баўырларымыздыӊ барлығы да усы жерде өнип-өсип, өмирден өз орынларын тапты. Жай бийтаныс кисиге берилсе, әжапаларымыз төркиним деп, бизлер үйим деп қайсы есикке бас суғамыз. Усы жақларын да тереӊирек ойлап көриӊлер, баўырларым, – деп сарсылады ол.
Азат пенен Гүлнара ендиги жағында бул пикирлеринен қайта ма яки қайтпай ма, еле намәлим. Киндик қаны тамған ата мәканын биротала таслап кетиўге көзлери қыймас-аў… Себеби, олардыӊ еӊ бахытлы, еӊ қуўанышлы, умытылмас демлери усы теберик жер, усы пайызлы шаӊарақ пенен тығыз байланыслы.
Қәдирдан туўысқанлар арасындағы көзге көринбейтуғын меҳир ҳәм татыўлық жиплери бир қәте шешим себепли үзилип кетпегей…
Бахытлы САРЫБАЕВ,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.