Жақсымбайдың ҳаялының пейили қызық. Жумыстан сәл кеш қайтса ҳалы-жанына қоймай тергейди. Бирақ, бүгин ол ерин жыллы жүз бенен күтип алды.
Дәстурхан басында кеседеги шайдан бир уртлады да Жақсыбай ҳаялына қарады:
– Ал, айт.
– Бүгин үйге палшы келди.
– Ким келди?
– Палшы келди, – деди қыйсайып қалған бир тартым орамалын дурыслап, кѳзиме қарады да, мениң, сениң, балалардың, ҳәтте қәйненем, қайнатам, ағамның, апамның исм-фамилияларын да айтып берди. Ол бизлерди ѳмиринде бир мәрте кѳрмеген болса!
– Болғаны ма?
– Сиз мени жақсы кѳреди екенсиз, – деди ҳаялы орамалының ушын бармағына орап, жаңа түскен келиншектей назланып, бирақ бизлерди кѳреалмайтуғын бир қоңсымыз бар екен. Ләўзе де емес, томпақ та емес, қара да емес, ақ та емес дейди. Ким екен ол жер жутқыр!?
– Мен қаяқтан билейин.
– Айтпақшы, – деди ҳаялының кѳзлери жайнап. Жақында ериңниң қолына мол-молақай ақша түседи, машиналы боласызлар деди. Лотереядан утамыз, яки жолдан таўып алады екенбиз.
– Аўа дә, биз ѳзи лотереядан утсақ, ямаса жолдан таўып алсақ бай боламыз.
Бирден ҳаялының қабағы қарыс жабылды.
– Еки жыл бурын, бир қыз изиңизден қалмаған екен.
– Астапыралла!
– Бирақ, – деди ҳаялының жүзи күтилмегенде жадырап, – сиз ол желкең үзилгирге «Сен ҳаялымнан басқан изине де арзымайсаң!» деп қайтарып таслапсаң.
– Басқа ҳеш нәрсе демеди ме?
– Деди. «Ериңди қурыдан қуры тергей бер ме, ол алтын адам! Арақ ишпейди, темеки шекпейди, ҳаял-қызларға қайырылып та қарамайды, тек те мийнетиниң-кәсибиниң ашығы. Жумыстан кеш қайтыўының себеби де сол» деди.
– Кѳзи ашық екен ғой, палшыңның.
– Несин айтасаң, ағасы. Бул палшы ҳаялға ықласымның кеткенлиги соншелли елиў мың сум услатқанымды да билмей қалыппан.
Жақсыбайдың ѳзи жаллаған палшы ҳаял және бир-еки мәрте үйине келип кетти. Сол-сол екен ҳаялы не болса соған Жақсымбайды тергемейтуғын болды. Палшы ҳаял сизге де керек пе, онда сораң, Жақсыбай мәнзилин айтады.
Жапақ ШАМУРАТОВ.
