АНЕКДОТЛАР

Ҳаялы еринен сорады:
– Кеше қаерде едиң?
– Ѳтирик! Ким айтты саған?!
* * *
– Ишиўшилик шаңарақ мүнәсибетин бузады, – деди ўазшы.
– Ишиўшилердиң ҳаяллары кетип қалған жағдайлар кѳп ушырасады.
Залдан биреў илмекли сѳз таслады.
– Айтыңызшы, буның ушын қанша ишиў керек?
* * *
– «Бай болыўдың мың усылы» китабының авторына садақа етиң, – деди кѳше бойында турған қайыршы ѳткен кеткенлерге қалпағын тутып.
– Сиз сол китаптың авторысыз ба? – таңланды жолаўшылардан бири, – онда неге садақа сорап турсаң?
– Мың усылдың биреўи усы да.
* * *
Орта жаслардағы бойдақ киси достына деди:
– Ѳткен ҳәптеде ѳзиме турмыслық жолдас излеп атырғаным ҳаққында дағаза берген едим, ҳәзирге шекем тѳрт жүзден аслам телефон қоңыраўы болды.
– Олар не деп атыр?
– Ҳәммесинде тек бир усыныс: «Мениң ҳаялымды ала ғойың!».
Баласы әкесинен сорады.
– Аға, ѳмириңиздеги ең жақсы күнди еслейсиз бе?
– Аўа, бул үйленген күним.
– Ең жаман күнше?
– Үйленгенимнен кейинги күнлер.
* * *
Фирма баслығы иске кирмекши болған жигит пенен сәўбетлеспекте.
– Бизде тазалық ҳәм тәртип күтә қәдирленеди. Сиз есиктиң алдындағы гилемшеге туфлийиңизди арттыңыз ба?
– Аўа.
– Бизде және ҳақыйқатлық та қәдирленеди. Есиктиң алдында ҳеш қандай гилемше жоқ.
* * *
Үйлениў талабында болған жигит сүйиклисиниң әкесине мүрәжат етти.
– Нәзер Сәлменович. Неге қызыңыздың маған турмысқа шығыўын қәлемейсиз. Ишпесем, шекпесем, жақсы пул тапсам…
– Әне, соның ушын! Сени бәрҳа маған ибрат қылып кѳрсетиўлерин қәлемеймен.
* * *
Бирден ислери жүрисип бай болып қалған жигиттиң қолы сынып қалды.
– Гипс қойыўға туўры келеди, – деди шыпакер.
– Мен жүз мың сумлық гипске күни қалғанлардан емеспен, – деди гәрдийип ол, – мрамордан қойың, пулын тѳлеймен.
* * *
Қыз қурдасының кейпияты жоқлығын кѳрип оннан сорады.
– Неге қапасаң?
– Ол маған қызыл гүллерди саўға қылдыда «енди сениң алдыңа мына гүллер солғаннан кейин келемен» деди.
– О, қаншелли бахытлысаң қурдас!
– Аўа, бирақ, қызыл гүллер пластмассадан жасалған дә…
* * *
Кемпир: – неге үндемейсең ғарры? Аўзыңа тақан салып алғаның ба?
Ғарры: – қулағың еситпесе сѳйлегенимнен не пайда.
Кемпир: – қызық, кейин ше? Кейин не болды?
* * *
– Еситтиң бе? Ешбай емлеўханаға түсипти.
– Яғәй, кеше ғана бир шырайлы қыз бенен сѳйлесип турғанын кѳрдим ғой.
– Соны, ҳаялы ды кѳрипти…