ТАҒЫ ДА ҚЫС КИЯТЫР…

Тәбият мәўсимлери өз ўақыт-сааты менен аўысып турады. Ҳәммениң кеўлине ояныў сезимлерин бағышлап, бәҳәр келеди.  Ол пүткил  тиришилик дүньясына жан берип, әтирапқа әжайып гөззаллық инәм етеди. Оның артынан жаныңды жайнатып, жаз келеди. Егинлер мийўелеўге, сондай-ақ, ҳайўанлар да  өз туқымын көбейтиўге ҳәрекет етеди. Саратанның жазийрама ыссысынан кейин, сары гүз қырманды жыйнаўға шақырады…
Мине, буның бәрине инсан да өз үлесин қосады. Ер азаматлардың мийнети менен жыйналған қырман, ҳаял-қызлардың ҳөнерли қоллары менен өз жарасығын таўып отырады.
Ата-анасының сағынып көрген улы Сағындық қоңсы районның қызы Саодатты қатты жақсы көрип қалды. Саодат та унатқаны ушын оның менен бирге турмыс қурыўға келисимин берди. Бирақ, өзбек халқында алып қашыў деген айыплы ис ғой. Соған қарамастан, Саодат өз үйинен, елиниң дәстүринен қашып, Сағындықтың изине ерип  келди.
Сағындықтың ғарры ата-анасы келинге жүдә рийза болды. Себеби, Саодат жас болыўына қарамастан, үй-руўзыгершилик ислерине пискен, шаққан қыз еди. Өзи де бир уртлам суў менен жутып жибергиң келетуғындай сүйкимли, суп-сулыў.
Қартайған ата-енеси үйдиң бар бийлигин Саодаттың қолына тапсырды. Ол үйде жөнли кирис болмаған соң,  хожалықтың ҳәмме буйымлары тозған, пайдаланыўға жарамсыз ҳәм жеткиликсиз еди.
Буны көрген жас келин шыдап отыра алмады. Төркинине барып, бир-еки мәрте мийўе-шийўе әкелип сатты. Үстиндеги пайдасын жыйнап, өзи де саўда ислей баслады. Саўданы ҳадал мийнети менен ислеп, табыс таўады. Соннан кейин есигиниң алдына кишкене дүкән салдырды. Үлкен жолдың бойындағы дүкән болған соң, саўда жақсы айланысқа түсти. Өзи таң атар-атпастан барып, затты көтере баҳа менен алып, әкелип сатып, саўдасын жақсы жолға қойып алды. Үйин де керекли дәскелер менен толтырды. Күнделикли азық-аўқаты менен шаңарақ ағзаларының заманагөй кийим-кеншеклери жеткиликли болды.
Енди Сағындық баяғы Сағындық емес. Тамағы тоқ, кийими пүтин, қолында пульт, диванда жатып алып, үлкен телевизордан шет ел киноларын көреди. Солардың өмирине, турмысына қызығып, солардай болып жасағысы келе баслады. Ондай болып атыр ма?!  Ҳаялы азаннан-кешке шекем дүкән ашып турады. Арасында товар әкелиўге кетеди. Ақша көп, бәрине жетип атыр.
«Неге Саодат дүкәнға сатыўшы алып, өзи үйде отырмайды?» деген қыял Сағындықтың ойынан шықпады. Ол ойын ҳаялына айтып та көрди.  Бирақ, Саодат  сонша мийнет пенен аяққа турғызған саўдасын әллекимниң қолына тапсырып қойғысы келмеди. Үйинде Сағындық болса «айтқаным бола қоймады», деп, Саодатты  күнде сөгип отырғаны. Бес баласы менен үйиниң берекетин қашырғанға шыдай алмай, ақыры Сағындықтың ағайинлериниң келинин дүкәнине сатыўшы етип алды. Өзи арасында азайған затлары болса, әкелип берип турады, басқа ўақытлары той-мерекесине барып, үйинде отырады.
Кем-кемнен дүкәнның саўдасының мәниси қаша баслады. Затлар тез-тез таўсылып қала береди. Бирақ, түсип атырған ақша жүдә азғантай. Қарыйдарлар да азайған. Арасында биреўлер келип, «алмаған затымды атыма қарыз етип жазып қойыпсыз», деп, урысып кетеди. Саодат ҳеш нәрсени түсинбей, ҳайран қалады.
Бир күнлери салық басқармасынан адам келип, төлеми көбейип кеткенин айтып, дүкәнды жаўдырып таслайды. Үйиндеги жыйнаған бар ақшасына зат алдырып таўысқан Саодат, банктен кредит алып, дүкәнды қайтадан аштырады. Оған сатыўшы қойған менен, сатыўшыға төлейтуғын ақшасы жоқ. Банктен алған кредитти де ўақтында төлей алмады. Үйиндеги атасынан қалған малларды да сатып төледи. Сонда да, өсип кеткен кредит жаўылмады. Сағындық сол баяғы үйинде жатып, телевизор көреди. Кешки аўқаты кеўлине жақпаса, Саодатты сөгеди. Оннан басқа талабы жоқ. Балалар болса өсип қалды. Оларға кийим-кеншек, анаў-мынаў керек. Үлкени Гүлзар институтқа тапсырып, төлемли оқыўға илинди. Оған ақша төлемек түўе, күнделикли нан табыў қыйын болып атыр. Саодат алтын тағыншақларын сатып, балларына кийимге, оқыў қуралларына жумсады. Соның менен мүтәжлик пите қоя ма?! Ендиги жылы екинши қызы да мектеп питкереди. Отырған үйлери де тозып кетти.
Бала-шағалы үй болған соң, көрпе-төсеклер де тозып, ыдыс-табақлар да сынып, азайыўға қарады. Себеби, ўақыты менен олар жаңаланып, үстине қосылып турған жоқ. Оларды жаңаламақ былай турсын,  балалардың күнделикли керек-жарағына ақша таўып бере алмады. Соған шыдай алмай, Саодат таныс келиншеклер менен шет елге жумыс ислеўге атланды. Сағындық үйде, «балларға бас-көз боламан», деп қалды. Үйде қалмаған менен де, ол ҳеш ким менен оңыса алмайды. Өзи ис жақпас, минези шыртылдақ, қай жерде урыс излеп турады. Ондай адам пул таўа ма?!
Соның менен, Саодаттың кеткенине де үш айдан асты.  Тез-тезден үйине ақша жиберип турады. Кишкентай 1-класс қызы Әмийна мамасын сағынып жылап жүрди. Оны естип, Саодат та ол жақта аўырып  қалды. Бирақ, илаж жоқ. Күйеўи Сағындық Саодаттың қайтыўына руқсат етпейди. Себеби, ол қайтса, үйине ақша келмей қалады ғой.  Саодаттың жиберген ақшаларын ишип-жеп, үйде жанының рәҳәтине жата бермей ме?!
Сегиз айдан кейин, балаларын сағынып, шыдамаған Саодат күйеўи рухсат етпесе де, қайтыў ушын жолға шықты. Сол ўақытта қәўипли вирустың ҳәўиж алып турған ўақты еди. Саодат еки жерде карантинде жатып, бир айда үйине зорға жетти. Үйине келип балаларын көрип маўқын басқан соң, Сағындық: «енди кете бересиз бе?» деп, жолға жететуғын ақшасын санап берди. Саодаттың қасына быйыл мектеп питкерген екинши қызын да қосты. Саодат қызы менен екеўи шет елде жумыс ислеп жүр…
Соннан бери, мине, еки жыл өтти. Саодат бир мәрте келип, балаларын көрип, маўқын басып кетти. Үйинде қалған қызлары Айзада менен Әмийна анасының қасларында болмағанына көнлигип те қалды. Усы жылы мектеп питкерген улы Арыслан оқыўға тапсырмады. Себеби, төлемли оқыўға илинсе, әкеси ақша бермейтуғыны белгили ғой.  Соның ушын жоралары менен бирге ол да жумыс ислеўге атланды.
Саодат өзи мектепте жақсы оқыған еди. Соннан кейин бе, перзентлери де айрықша қәбилетли, сабақларына жүдә инталы. Бирақ ҳеш қайсысы да жоқары оқыў орнына тапсырыўға урынбады. Себеби, әкесиниң қырсықлығы олардың аяқларына кисен салып қойғандай еди.
Бурынлары жасы үлкенлер «еркек – табарман, ҳаял – тутарман», дейтуғын еди. Бул нақылдың да қәдири қалмаған екен. Қәне, енди, Сағындықтың санасына ақыл берип, жигитлик намысы оянып, өз ҳәрекетлерине бир нәзер тасласа! Ҳаялы менен бой жеткен қызын жат еллерде тентиретпей, олардың орнына өзи жумыс ислесе – жараспас па еди?!
Қақаман қыста перзентлери менен  Саодат өзиниң уядай үйинде отырса – ҳаял-қызлар үйдиң көрки емес пе?!
Гүзги жапырақлардай анасын сағынып сарғайған  Айзада менен Әмийнаның нәресте  жүреклерине әкесиниң ис жақпаслығы демеў бола алар ма екен?!
Мине, қоңыр гүздиң соңғы күнлери де жуўмақланып  киятыр. Көп узамай қылышын сүйретип қыс келеди. Тәбият өз ўазыйпасын атқарады. Ал инсанлар ше? Инсанлар да тәбият – Анадан өрнек алып, өз ўазыйпаларын атқарса, не етер еди?!.
Гүлайым
Қуўанышбаева.