Тәбияттың кѳрип сулыў келбетин,
Кѳзимиз қуўнайды болып жарқын жүз,
Жапырақлар жамылдырған жер бетин,
Ѳзгеше шырай бар сенде алтын гүз.
Ҳәр қараған сайын ышқымыз артып,
Мәргияң турғандай адамды тартып,
Қаламыз ѳзиңди сондай унатып,
Ѳзгеше заўық бар сенде алтын гүз.
Бағлардың рәўшаны гүллән дарақлар,
Тағынып рәңбәрең түстен жарпақлар,
Қуяш гә бултласып, гәҳи шарықлар,
Ѳзгеше сыйқыр бар сенде алтын гүз.
Ҳүўилдеп ызғырық самаллар есип,
Жердиң кѳксин нѳсер жамғырлар тесип,
Қусларда қайтады қыслаўға кѳшип,
Ѳзгеше бәзим бар сенде алтын гүз.
Атызларда қызғын мийнет басланып,
Ҳасыллардан молдан қырман шашланып,
Айрықша туратуғын кѳзге тасланып,
Ѳзгеше пайыз бар сенде алтын гүз.
Жупар МАХАМАТДИНОВА
