Инсан ҳуқықларының улыўма халықлық декларациясы ХХ әсирдиң ең тийкарғы ҳужжетлериниң бири. Ол 350 ден аслам тилге аўдарма етилген. Декларация қабыл етилгенине 75 жыл болыўына қарамастан бүгинги күнге шекем мәмлекетлер, шахслар, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң инсан ҳуқықлары тараўындағы хызметиниң тийкары есапланады.
Бул ҳужжет дуньяның барлық мәмлекетлери тәрепинен ратификация етилген. Басқа ҳеш қайсы ҳүжжет бундай атаққа таласа алмайды. Себеби, онда бул дүньяда жасап атырған ҳәр бир инсанның, ол қай жерде туўылып жасаған, миллети қандай, қандай тилде сөйлеўи, қайсы динге сыйыныўына қарамастан бирдей ҳуқық ҳәм еркинликке ийе екенлиги белгилеп қойылған.
1948-жыл 10-декабрь БМШ Бас ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген Инсан ҳуқықлары халықаралық декларациясы бүгинги күндеги инсан ҳуқықларының тийкарғы мәнисин ашып берди. Декларация түрли сиясий дүзилиске ийе болған мәмлекетлерге инсан ҳуқықларын бирдей түсиниў ушын, зәрүр шәраятларды жаратып, инсан ҳуқықлары тараўын стандартлаўға тийкар салды.
Декларацияның тарийхый әҳмийети
1943-1945-жылларда БМШ нызамын ислеп шығыў процесинде Инсан ҳуқықлары декларациясында ислеп шығыў зәрүрлиги мәселеси көтерилген. Не себептен дәл сол ўақытта, инсан ҳуқықларын халықаралық дәрежеде қорғаў механизмин жаратыў мәселеси буншелли әҳмийетли болған ҳәм жеке халықаралық шөлкемди дүзиў менен байланыстырыў қаншелли тийкарлы еди?
Бунын себеби, Декларацияның кирис сөзинде баян етилген. Мәселен, онда инсан ҳуқықларын менсинбеў, оны аяқ асты етиў, инсаният ҳүжданы қыйналатуғын жаўызлықлар болып атырған, адамлар сөз еркинлигин ҳәм исеним еркинлигине ийе болатуғын ҳәмде қорқыў, мүтәжликтен тысқары шәраятта жасайтуғын дүньяны жаратыў, инсан ҳуқықлары нызам күши менен қорғалыўы зәрүр екенлигин итибарға алып, барлық халықлар, барлық мәмлекетлер орынлаўға умтылыўы лазым болған ўазыйпа сыпатында усы декларация ислеп шығылғаны атап өтилген. Миллетшил Германияның екинши дүнья жүзлик урысы менен байланыслы жаўызлықлар жәмийетшиликке мәлим болғаннан соң БМШ нызамларында инсан ҳуқықлары толық қамтып алынбағанлығы көринип қалды.
Соныда атап өтиў керек, БМШ нызамында “Инсан ҳуқықларын қорғаў” деген атамалар улыўма келтирилмеген текте “инсан ҳуқықларына ҳүрмет көрсетиўди хошаметлеў ҳәм де раўажландырыў” атамалары қолланылған. Усындай бир жағдайда шахстың ҳуқықлары толық санап өтилетуғын ҳәм сыпатлайтуғын бир ҳүжжет керек еди. Усы мәнисте Декларация екинши жәҳән урысы ўақтында жүз берген жаўызлықларға халықаралық жәмийеттиң жуўабы ретинде түсиниў мүмкин. Дүньяның жартысында айланған, миллионлап адамлар өлген, инсаният турмысы бүгилген сол ўақытларда Декларация бундай қорқынышлы ҳәрекетлердиң тәкирарланыўына ҳеш қашан жол қоймаўы ушын халықаралық мәжбүриятларды белгилеп берди.
Солай етип, тарийхта биринши мәрте инсан ҳуқықлары бойынша улыўмаластырылып, 30 статьядан ибарат болды. Соннан 3 статья еркинлик ҳәм теңликтиң тийкарғы принципи, 21 статьясы пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар, 6 статья социал экономикалық ҳәм мәдений ҳуқықлар, 1 статья шахстың мәжбүриятлары белгиленген.
Декларацияның ҳуқықый әҳмийети
Бүгинги күнде дерлик барлық ҳуқықтаныўшы алымлар, инсан ҳуқықлары улыўма халықаралық декларациясы, инсан ҳуқықларын универсалластырыў тийкары деп биледи. Себеби, биринши мәрте инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық стандарты усы ҳүжжетте бирлестирилди.
Ҳәзирги ўақытта бул ҳүжжет өзине тийисли характерге ийе екенлиги ҳәм сиясий қәсийетке қарамастан пүткил халықаралық жәмийет тәрепинен халықаралық ҳуқықый мәжбүриятларды келтирип шығаратуғын ҳүжжет сыпатында тән алынған. Ол инсан ҳуқықларын қорғаўдың халықаралық системасын раўажландырыўда жана қәдем таслаған ҳүжжет болып есапланады.
Декларация ҳәр қандай демократиялық жәмийетте инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандарт ҳүрмет етилиўи, әмел қылыныўы дәрежесин анықлаў ушын баҳалаў критериясы ўазыйпасын арттырады. Оған барлық мәмлекетлер ҳәм халықлар орынлаўы лазым болған ўазыйпа ретинде қаралады. Инсан ҳуқықлары улыўма халықлық Декларациясы, оның атынан көринип турыпты. Универсал, яғный ондағы барлық нормалар дүньяның барлық мәмлекетлери ушын тийисли.
Декларацияның тийкарғы қағыйдасы дүньядағы айырым мәмлекетлердиң Конституциясынан орын алды. Олардың инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий нызамшылығы раўажланыўына сезилерли тәсир көрсетти ҳәм миллий ҳуқықының бир бөлегине айланды.
Ҳәзирги ўақытта 1948-жылдан кейин қабыл етилген жүзден артық мәмлекетлердиң миллий Конституцияларында Декларация қағыйдаларына уқсас көплеп статьялар ушырасады.
Декларация инсан ҳуқықлары бойынша басқа көплеген халықаралық мәжбүрий жәмийетке ийе болған факт ҳәм конвенцияларды тәртип ҳәм басқа шәртнамалар ислеп шығыў ушын тийкар болды. Усы көз қарастан ол барлық мәмлекетлерде хошаметлениўи ҳәм қорғалыўы керек болған инсан ҳуқықлар бойынша универсал стандартлар ушын анық “жол корсетиўши жулдыз” ўазыйпасын атқарды. Декларация инсан ҳуқықлары ҳаққындағы халық аралық нормаларын жаратыў бойынша ҳуқықтаныўшылардың басланғыш ноқаты болғанлығы ушын онда инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлерин сәўлелендириў мүмкин емес. Әне усы норма кейин ала 1966-жылы 16-декабрьде пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық фактти ҳәм экономикалық, социалық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққындағы халық аралық мағлыўматлардың қабыл етилиўине себеп болды. Усы мағлыўматларда Декларацияда нәзерде тутылған ҳуқық ҳәм еркинликлер және де анықластырылып толтырылады. Олар Декларациядан парқы мәжбүрий характерге ийе. Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде усы 2 мағлыўматтың қатнасыўшылары есапланады. Бул оларға усы келисим шәртнамаларында белгиленген ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәжбүриятын жүклейди. Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққында халықаралық келисим шәртнамалары ҳәм оның 2 қосымша протоколы сондай-ақ экономикалық, социаллық, мәдений ҳуқықлары ҳаққында халықаралық декларациясы менен биргеликте инсан ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық питим шөлкемлестириледи.
Декларацияның Өзбекстанда раўажланыўында тутқан орны.
Инсан ҳуқықлары улыўма Декларациясы Өзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерискеннен соң қосылған биринши халықаралық ҳуқықый ҳүжжет болды. Себеби, декларацияның ҳуқықый мәмлекет, пуқаралық жәмийет жолын таңлаған Өзбекстан инсан ҳуқықлары ҳәм мәплерин жамийетти раўажландырыў ҳәм мәмлекет дүзилисиниң ишки ҳәм сыртқы сиясатының ең үстин бағдары етип белгиленди. Инсан ҳуқықлары улыўма халықлық Декларациясының қағыйдалары Өзбекстан Республикасы Конституциясының инсанның жеке, сиясий, экономикалық ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлейтуғын нызамшылық нормаларында өз сәўлелениўин тапқан. Инсан ҳуқықлары улыўма халықаралық Декларациясының қағыйдалары Өзбекстан Республикасы Конституциясының демократиясы ҳәм инсаныйлық принциплериниң көрсетилген жолында үлкен әҳмийетли.
Жана ғана ғәрезсизликке ерискен Өзбекстан өз Конституциясының ондағы инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийнлеўши нормаларды дүзиўде үлкен ўазыйпа атқарды. Соныда атап өтиў керек, 1992-жыл қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясының “Инсан ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери, миннетлемелери” деп аталған 2 бөлимде декларацияның дерлик барлық норма ҳәм қағыйдалары өз сәўлелениўин тапқан болса, усы жылдың 30-апрельдеги референдум нәтийжесинде қабыл етилген жаңа Конституцияда декларация менен бирге пуқаралық ҳәм сиясий халықаралық келисим ҳәм экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықлары ҳаққындағы келисим нормалары кең орын алды. Усы мәнисте бүгинги күнде Өзбекстан Конституциясы инсан ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық нормаларды өзинде жәмлеген, үлкен ҳуқықый ҳүжжет есапланады. Жаңа баспадағы Конституция мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте Декларацияның 1-статьясында беккемленген инсан ҳуқықларының тәбийий белгисин дағаза етти. Конституцияның 19-статьясында инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳәркимге туўылғанынан баслап тийисли болыўы белгилеп қойылған.
Жаңа Конституцияның 15-статьясында халықаралық шәртнамалар, халықаралық ҳуқықый принцип ҳәм нормалар бир қатар мәмлекетимиз ҳуқықый системасының қурамының бир бөлеги, миллий нызамшылыққа көре үлкен әҳмийетке ийе екенлиги тән алынғанлығы дыққатқа ылайық.
Декларация арқалы миллионлап адамлардың күнделик турмысы жақсыланды, азап-ақыбетлериниң алды алынды ҳәм әдалатлы дүньяның тырнағы қойылды. Декларация ўақыт сынағынан өткенлиги теңлик, әдиллик ҳәм инсан қәдир-қымбатының кепилликке алыныўы нормалары оның дүньялық тәбиятынан дерек береди.
К.Палуаниязов,
Кегейли районы, Юридикалық хызмет көрсетиў орайы баслығы.
