СЫЙЛЫҚЛАР САЛТАНАТЛЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Бүгинги күнде барлық тараўларда ҳәм оқыў орынларында өз теңлеслери арасында терең билими, искерлиги ҳәм талапшаңлығы менен үлги болып атырған жасларымыз мәмлекетимиздиң раўажланыўында ертеңги күнимиздиң шешиўши күши сыпатында қаралмақта.
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен елимизде жәмийетлик-сиясий, мәденият, көркем-өнер, дөретиўшилик, журналистика, спорт тараўларын ҳәм исбилерменликти кеңнен раўажландырыў, тынышлықты тәмийинлеў, сондай-ақ бул тараўларда салмақлы жетискенликлерге ерискен ең белсендилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2017-жылдан баслап “Хошамет” сыйлығының салтанатлы тапсырыў мәресими өткерилип келинбекте. Сыйлық тийкарынан жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсендилик көрсетип атырған жасларды, сондай-ақ жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда үлги көрсетип атырған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў уйымлары ўәкиллери хошаметленеди.
Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Хошамет – 2023” сыйлығының салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.
Сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев сөзге шығып, салтанатлы түрде ашып берди.
Мәресимде, талабанлар өз хызмет ўазыйпасын орынлаўда пидайылық көрсетип, жоқары нәтийжелерге ерисип ҳәм жәмийетте айрықша ҳүрметке ийе, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги, Жаслар аўқамы мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда белсендилик көрсетилгенлигине қарап 19 номинация бойынша сыйлықланды.
Дәслепки номинация жеңимпазларына арнаўлы дипломы, статуетка ҳәм баҳалы саўғалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен салтанатлы тапсырылды.
“Жылдың ең белсенди мәҳәлле жаслар жетекшиси” номинациясы менен Әмиўдәрья районы “Қылышбай” мәҳәллеси жаслар жетекшиси Жасурбек Отамуратов, “Жылдың ең белсенди бирге ислесиўши шөлкеми” номинациясы менен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, “Жылдың ең белсенди жасы” номинациясы менен Ханна Утемуратова сыйлықланды.
“Жылдың ең белсенди жаслар мәселелери бойынша ҳәким орынбасары” номинациясы менен Хожели районы ҳәкими орынбасары Халила Халмуратов, “Жылдың ең белсенди сектор басшысы” номинациясы менен Нөкис қаласы прокуроры Равшанбек Баўаддинов, “Жасларға ең көп кредит ажыратқан ҳәким жәрдемшиси” номинациясы менен Нөкис қаласы “Шымбай гүзары” мәҳәллеси ҳәкими жәрдемшиси Ринат Толепов, “Жылдың ең белсенди спортшысы” номинациясы менен Гүлистан Пердебаевалар мүнәсип деп табылып, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри Адил Алланазаров тәрепинен сыйлық салтанатлы тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери Кеңесиниң баслығы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Улығбек Жәлменов ҳәм Мәҳәлле ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри Сағындық Турмановлар тәрепинен “Жасларды тәрбиялаўдағы белсендилиги ушын” Нурхат Галиакберов “Жыл инноваторы” Севара Рустамова “Информациялық технологиялар тараўындағы жылдың ең белсенди жасы” Шарияр Жаксуликов “Жыл жаңалығы” номинациясы менен “Дигирман шоу” жойбарына сыйлық салтанатлы түрде тапсырылды.
“Жылдың ең белсенди жас исбилермени” номинациясы жеңимпазы Шерзод Ниязымбетов “Жылдың ең белсенди жас репортёры” номинациясы жеңимпазы Шахноза Базарбаева “Жылдың ең белсенди жас қосықшысы” номинациясы жеңимпазы Парахат Жолдасбаевларға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Бегис Темирбаев тәрепинен сыйлық салтанатлы тапсырылды.
“Жылдың ең белсенди жаслар устазы” номинациясы менен Турсынбай Әбдижаббаров, “Жаслар турмысын сәўлелендириўдеги белсендилиги ушын” номинациясы менен “Ҳожа.уз” социал тармағы администраторы Гүлайым Канязова “Жылдың ең белсенди жоқары оқыў орны жетекшиси” номинациясы менен Нөкис педагогикалық институты жаслар жетекшиси Байрамбай Гүлимбетов “Жылдың ең белсенди жаслар ислери агентлиги қала, районлық бөлими” номинациясы менен Жаслар ислери агентлиги Нөкис қалалық бөлими сыйлықланып, номинация ийелерине Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Полат Махсетбаев тәрепинен арнаўлы диплом, статуетка ҳәм баҳалы саўғалар салтанатлы тапсырылды.
Сыйлықлаў илажы гала-концерт пенен даўам етип жоқары хош кейпият, заўық бағышлап «Хошамет» гимни менен жуўмақланды.
Индира
МАМБЕТНАЗАРОВА,
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети басшысы.