Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лаўреаты, Бюджеттен тысқары пенсия хоры мәлимлеме хызметинде ислеп киятырған талантлы журналист Айжамал Жолдасбаева 27 жасында мезгилсиз қайтыс болды. Оның изинде умытылмас ислери, улы қалды. Айжамалдың ели-халқына берери көп еди. Тахтакөпирден шыққан жас та болса белгили журналист Айжамалды ҳеш қашан умытпаймыз.
Оңым ба, түсим бе, айыра алмай,
Сен өлди… дегенге исене алмай,
Анаң тур, қазаңнан тиклене алмай,
Жан қызым отларға салдың да кеттиң.
Жамғырлар селлетип сениң ғайыңа,
Аппақ қар паяндоз болып пайыңа,
Соңғы рет сапарға минип «тайыңа»,
Атланып, анаңды талдырып кеттиң.
Таў, таслар, қулады желкемди басып,
Алаңсыз турған да, дәрьядай тасып,
Қулыным, өмирге едиң-аў ашық,
Биймәўрит жулдызың ақты да кеттиң.
Қаршадай жасыңнан сен топты жарып,
«Жүзден жүйрик шығып»
Ташкентке барып,
Бәйги де, «Зульфия сыйлығын» алып,
Медалын көксиңе тақтың да кеттиң.
Шаңарақ қурып ең, сүйилип-сүйип,
Еки жыл келинлик липасын кийип,
Қарамай артыңа, басларын ийип,
Өмирлик жолдасың зарлатып кеттиң.
Әйне мәҳәл, өсетуғын ҳәм өнип,
Сум әжел бултлары басыңа дөнип,
Мәрт болып тәғдирдиң исине көнип,
Улыңды аманат тапсырып кеттиң.
Пидәйи журналист, шайыра едиң,
Ақты сен қарадан айырар едиң,
Халқың хызметиңе тақ, таяр едиң,
Өзиңнен бираз из қалдырып кеттиң.
Әрманлар, арзыўлар шашыңнан сылап,
Шығалмай жақтыға ишиңде туўлап,
Кеткенде, қайысты пүткил ел жылап,
Айралық көз жасын төктирип кеттиң.
Қысқа өмириңде тынбастан шаўып,
Алсаң да, жолыңды адаспай таўып,
Өмир дәптериңди асығыс жаўып,
Докторлық исиңди жазалмай кеттиң.
Ырзаман берген саған сүтиме аппақ,
Несип етсин жәннет есигин таппақ,
Кийинип сый-ҳүрмет липасын шап-шақ,
Өзиңди журтыңа танытып кеттиң.
Жупаргүл МАХАМАТДИНОВА,
Тахтакөпир районы.
