
“Мәмлекетимизде жаратылған мүмкиншиликлерден унамлы пайдаланыўым керек, мысал ушын, түрли стипендиантларымыз бар оларға да талабанлығымди қойыўым, стипендиант болыўым керек дер едим бул дәргайға келгенимде” дейди Наўайы стипендианты Сәрбиназ Ахмедова. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде билим аламан деген жаслар ушын қатар мүмкиншиликлер есиги ашылған. Айтыў керек, республикамыздағы Жоқары оқыў орынларының студентлери ушын көплеген стипендиялар енгизилген. Оның ушын тек ғана жаслардан қунт пенен оқыўы талап етиледи. Қаҳарманымыз Сәрбиназ Ахмедова 2004-жылда Андижан ўәлаятында туўылған. Ол мектеп дәўиринен муғаллим болыўды әрман еткен. Арзыўлары оны Бердақ атындағы ҚМУға баслап келген. Ҳәзирги ўақытта университеттиң Өзбек филологиясы факультетинде оқып атырған Сәрбиназ өз тараўы бойынша илимий мақала жазыўды, илимий изертлеўлер алып барыўды жақсы көреди.
Жаслар ушын барлық зәрүр шәраятлар жаратылған, тек ҳәрекет етип, теңлеслери арасында көзге түсиўге болады. Солай екен, табысларға қарай жол жақын. Сәрбиназ бул табысқа қандай ерискен?
“Өзимниң әжапам Наўайы атындағы стипендианты болғанда, мениң ҳәўесим келип жүретуғын еди. Сонда әжапам сен де Наўайы стипендианты ийеси бола аласаң, оның ушын тек ҳәрекетиңнен тоқтама деп айтатуғын еди. Әжапамның мәслəҳәтине кирип, оқыдым, излендим, 45 тен зыят илимий мақалаларым халықаралық ҳәм жергиликли журналларда рус, инглис, немис, түрк ҳәм өзбек тиллеринде басып шығарылды. Солардың артынан мине көрип турғаныңыздай, стипендиант болып турыппан”.
Университетке студентликке усыныс етилиў – бул жаслар ушын шынында бахыт деўге болады. Жоқары оқыў орнына киргеним болды, енди оқымасам да болады деген емес, бәлким шын мәнисинде оқыў енди басланады дегени. Сонлықтан жаслар ҳәрекеттен тоқтамаўы керек.
“Мен университетке келгенимде көпшилик устазлар менен таныстым, жәмийетлик жумысларға белсене қатнастым, оқыдым, излендим. Лингвистика, әдебият бағдарларында илимий мақалалар жаздым. Мен ҳәрекетлеримниң нәтийжесине еристим деп ойлайман, енди Президент стипендианты болыўды мақсет еткенмен” дейди Сәрбиназ.
Әлбетте, мәмлекетимизде өз билими, өз ҳәрекети менен теңлеслери арасында көплеген жетискенликлерге ерисип атырған жаслар қоллап-қуўатланып атыр. Олардың илим менен шуғылланыўында бир қатар шараятлар жаратылып, мүмкиншиликлер берилген. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде илим менен шуғылланып атырған, өз тараўына жаңалық киргизип атырған жаслар саны талайғана. Мине гүўасы болғаныңыздай, мүнәсиплери хошаметленип атыр.
Жаслар бирден илим менен шуғылланып кете алмайды, оларды мәлим бир тараўға бағдарлайтуғын басшы, устаз болады, әлбетте. Болажақ филолог Сәрбиназдың устазы Аманбай Балтабаев шәкирти ҳаққында төмендегише пикир билдирди:
“Айтыўым керек, Сәрбиназ өзи факультетимизге келгенинен берли мен гүўа болып атырман, билим алыўға қызығыўшылығы жоқары жасларымыздан. Әйне байрам илажларға өзиниң идеялары, басламасы менен қатнасып киятыр. Және де айтыўым мүмкин, Сәрбиназ сыяқлы жаслар бизиң факультетимизде жүдә көп, Сәрбиназ оқыўды да, илимди де, илажларда белсендилигин, ҳәммесин биргеликте алып барды. Ол жыл даўамында бул дәргайда оқып, өзине илимий басшы таңлап, бир қатар илимий мақалалар жазды, өз үстинде иследи, нәтийжесин мине көрип турыппыз..”
Университетте оқыўын, илимий ислерди теңдей алып барып атырған жаслар көпшиликти қурайды. Мине сондай илим шыңының жоқарысынан көринип атырған, жаңа Өзбекстанымыздың гүллеп-жаснаўына өз үлесин қосып атырған Сәрбиназ Ахмедова сыяқлы жаслар қатары көбейе берсин…
Жаҳангир Сапарбаев,
Бердақ атындағы ҚМУ қарақалпақ филологиясы ҳəм журналистика факультети студенти.
