Гүлимхан кишем, анамның иниси, дайы әжағам Турдыбайдың келиншеги. Әжағам Турдыбай Нөкистеги педагогикалық институтының математика факультетин, ал кишем Хожелидеги педагогикалық училищени питкерип келип, екеўи бизлер оқыйтуғын мектепте табысқан. Мен ол ўақыт енди биринши классқа барған мектеп оқыўшысы едим.
Әжағам Турдыбай наятый қатал, ал кишем Гүлимхан минези сабырлы, ақкөкирек адам еди. Кишем қарақалпақ миллий дәстүрлеринен атламады. Оның үйинде әке-шешесиниң тәрбиясының жақсы болғанлығынан, өзиниң көргенлигинен дәрек берип турады.
Сол Гүлимхан кишем өлип қалған бабаларымыздың да, аталарымыздыңда атларын айтпады. Кемпир апам Айбий кемпирди ене деп сыйлап, ыссы-суўығына қарап бәрқулла хызметинде пәйик болып жүрди.
Ол келиншек болып түсиўден жийен болсақта бизлердиң атымызды айтпай, дайы әжағамыздың үш әжапасы болса, бәриниң ул-қызларына өзинше еркелетип ат қойып алды. Меннен үлкен жийен бийкешлериниң бәрине «Айқыз», «Жийен қыз», «Палқыз», «Үлкен қыз», «Кишкене қыз». Әлбетте, бул оның бизге деген ҳүрмети, дәстүрди сыйлағаны. Оның маған еркелетип қойған аты «Сарыбас» еди. Ол гездеги балалығым шығар оның «Сарыбас» деп шақырғанына қулағым үйренисип кеткени соншелли мектепти питкеремен дегенше мән бермеппен.
Мектепти питкерип, ержеткен соң университеттиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетиниң студенти болдым. Студентлик алтын дәўир деп аталатуғын дәўирдиң екинши курсында оқып жүрген күнлеримниң биринде, тәнепис ўақтында достым менен сыртқа бетлеп атырсам:
– «Сарыбас», «Сарыбас»лап бақырған кишемниң даўысын еситтим. Қолларында еки сумка толы зат. Бирақ, мен қасымдағы достымнан, коридордағы студентлерден де уялғанымнан кишемниң шақырғанына қарамай, қасына барған ўақытта басқа жаққа карап өтип кеттим. Кишемниң қызарғанын көрдим. Өзим де сол жағдайда едим. «Сени сағынғаным менен сениң қасыңа қалай барайын? Аўылдан келгенлигиңди билдирип «Сарыбас»лап факультеттиң коридорын басыңа көтерип бақырып турсаң. Кешеги алтыншы күн аўылға қайта алмағаным себепли «Сарыалтын»ның «Көксуў» аўылынан кемпир апам ҳәм әжағамның тапсырмасы менен затларыңды көтерип келип турғаныңды билип турман. Мениң Бийбиайым атым, Сарыбасқа айналып кетейин деп тур, кише. Мен ҳәзир сениң жаныңа бара алмайман. Кешир кише, аўылға барсам түсиндиремен».
Тек сол ўақытта ғана барып кишемниң маған қойған аты қолайсызлаў екенин билдим. Ашыўым келди. Кириўге тәнепис боламан дегенше, достыма ҳәр нәрсени бәнелеп аудиторияға кирмеўге ҳәрекет еттим. Ойым қоңыраў қағылып студентлер ишке кирсе, кишеме жақынлап барып, оны кѳриў.
Сырттан достым екеўимиз айналып келсек кишем коридорда жоқ. Кириўге қоңыраў болып, екеўимиз аудиторияға кирип кеттик.
Университеттиң жатақханасына келсем кишем аўылдан алып келген затлары менен бөлмемниң есигиниң алдында турар еди. Айнанайын кишем-ай…Кѳзлериме жас келди. Бирақ, енди кеш еди… Достым түсинди, себеби бағана факультет коридорында бул затларды услап турған келиншекти ол да көрген еди.
– Не деген қаталсаң «Сарыбас» – деди. Усы сөзлер менен ол мени жазалағаны еди. Мен жылап жибердим. Ақыры мени биреў жазалаў керек едиғо…
Ҳәптениң ақыры, алтыншы күни аўылға қайттым. Кишемди барып кѳрдим. Кишем мени қушақлап, бетимнен сүйип:
– Айнанайын, жаным Сарыбас-аў аўылда ѳскен мени кеширегѳр, сениң оқыўыңа излеп барып «Сарыбас»лап бақырыппан. Сен достың менен жанымнан ѳтип кеткеннен кейин барып ѳзимниң қәтелигимди түсиндим. Ѳкпелеген шығарсаң. Енди саған басқа ат қояйын жаным, ѳзиң айт қандай ат қойсам саған унайды – деди. Усылай деп басын ийип турған кишеме не дейин, бир нәрсе дегим келди, ҳәм:
– Яқ, кише, басқа ат қоймай-ақ қой, сен факультеттиң коридорында турған гезиңде маған қасыңа бармағаныма ѳкпелеп қалған шығар – деп киятыр едим. Басқа ат қойсаң сен айтқан ўақытлары аўылдағылар мени танымай қалар, «Сарыбас» деген атым да ѳкпелеп жүрер, тек факультетке барып қайтадан бақырмасаң болды – дедим. Екеўимиз де күлдик. Ол мениң жүзимнен сүйип үйине баслады.
Арадан жыллар өтти… Мен де кишем кийген көйлекти кийип, келиншек болып түскен ўақытым, еле кишкене бийкешлериме сулыў атларды қояр гезимде мениң жанымдай әзиз кишемниң жүзи жарқ ете қалды. Студентлик алтын дәўиримдеги оның мени изимнен излеп барып «Сарыбас»лап бақырып турғаны есиме түсти. Күлким келгендей ме? Яқ, күлкиден бетер, кѳзиме жаслар ағылып киятыр. Қәдирданым, жаным кишежанымды сағыныппан: «Айнайын Сарыбас қосылғаның менен бирге бахытлы болғайсаң бирақ сен мениң жиберген қәтелигимди қайталамай, бийкешлериңе сулыў атларды қойғайсаң қарағым» – деп турғандай болды.
Қатал дайы әжағам да, оның келиншеги Гүлимхан кишем де, ўақытлары келип Алланың аманатын тапсырып алдын дайым, кейин кишем ѳзиниң гезеги менен дүньядан ѳтти.
Кишемниң бир айта кететуғын және бир пазыйлети Айбий енесиниң бир аўыз сѳзи «Сениң туўған балаларыңның бәри меники» дегенине бола ѳзиниң туўған ул-қызларының да атларын айтпай ѳтти. Қайнаға, қәйинлерин сирә. Бунысы менен қарақалпақ миллий менталитетиниң кишкентай бир бѳлимин мен ѳскен аўылдағы қыз-келиншеклерге сизлерде усылай етип қәрекеңниң дәстүрлерин келешекке жеткизиң деп айтып кетти.
Ҳәзир дайылы-жийенлер биреў-биреўимизге қыдырып барсақ яки олар мениң үйиме келсе, балалықта кишем айтқан атларымыз бенен биреў-биреўимизди басқыласып ойнап күлип жазылысып қаламыз.
Мектепте муғаллиммен. Жазыўшы-шайырларымыздың миллий темаларға жазылған шығармаларын оқыўшыларыма ѳтер екенмен, қарақалпақ миллий дәстүрлери ҳаққында айта келип «жеңге, бийкеш»лерге ат қойыўлары ҳаққында қосып кетемен.
Бийбиайым муғаллимниң айтқанларын кѳширген: Жолдасбай Дәўлетмуратов.
