Республикалық Балалар китапханасында балалар жазыўшысы ҳәм шайыры К.Ерназаровтың 80 жыллығына бағышлап «Балаларға бар меҳирин берген жазыўшы, шайыр» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.
Кешени орайымыздың Мәдений-массалық илажларды шөлкемлестириў бөлими китапханашысы Б.Мамбеткаримова алып барды ҳәм балалар жазыўшысы К.Ерназаровтың өмири менен дөретиўшилиги ҳаққында қысқаша айтып өтти.
Оннан соң Хожели районы нураныйлар кеңесиниң ағзасы Г.Реймова сөзге шығып, ушырасыў кешесиниң мийманы К.Ерназаровтың ҳәр бир шығармасының мазмуны инсан тәрбиясы менен байланыслы мәселелерге, инсанның билим-илимге қызығыўы, өнер үйрениўи, ел-халқына садық болыў кереклиги ҳаққында терең мазмунлы шығармаларының әҳмийетлилигине тоқтап өтти.
Буннан соң балалар жазыўшысы ҳәм шайыр К.Ерназаров сөзге шығып, ол өз сөзинде өз шығармаларындағы инсаныйлық, әдалат, сақыйлық, меҳир-мухаббат, ата-анаға ҳүрмет көрсетиў, жасларды ҳәр тәреплеме кәмил инсан етип тәрбиялаўдай идеялары, китапқа болған меҳирин, китапты жақсы көриў кереклигин, оның әҳмийетли тәреплерин оқыўшыларға айтып берди ҳәм өз қәлемине тийисли китапларды китапханамызға ҳәм кешеге белсене қатнасқан оқыўшыларға саўға етти.
Кеше соңында оқыўшылар жазыўшының қәлемине тийисли “Адақ қаласын излеп…” китабынан “Қабақ тәрезиниң” атлы монологын ҳәм өзлериниң таярлап келген қосық ҳәм тақмақларын айтып берди.
Бәҳәргүл МАМБЕТКАРИМОВА,
Республикалық Балалар китапханасының китапханашысы.
