АНА СҮТИ БАЛА УШЫН МӘЛҲАМ

Енди жас босанғаннан кейин дәслепки үш күнлик ана сүти және де шыпалы болады. Ана сүтин емип өскен бала кеселликке кем шалынады. Иммунитети беккем болады.
Себеби, ана сүтинде углеводлар көп. Олардың қурамына сүтти нормал сиңириўге жәрдем бериўши затлар — ферментлер (В-лактоза) киреди. Оның қурамындағы витаминлер ҳәм минерал дузлар өсип баратырған бала организминиң талапларын толық қандырады. Ондағы кальций ҳәм фосфор жақсы сиңетуғын болады, соның ушын көкирек сүтин емген балалар рахит кеселлиги менен кем кеселленеди.
Ҳаял сүтинде дузлар, темир элементи, мыс ҳәм басқа да қан ислеп шығарыў процессине тәсир етиўши микроэлементлер жетерли муғдарда болады. Буның нәтийжесинде көкирек сүтин емген балаларда жасалма аўқатландырылатуғын балаларға қарағанда кемқанлық кесели кем ушырайды.
Ҳәр бир бала ҳеш болмағанда өмириниң биринши алты айы даўамында көкирек сүтин емгенде, ақылый қәбилети асыўы есабынан глобал экономикаға қосымша 300 миллиард доллар дәрамат келтирген болар екен. Бирақ ашынарлысы сол, жаңа туўылған нәрестелердиң 77 миллионы өмириниң биринши саатларынан-ақ ана сүтин ала алмай атыр.
Ата-аналар, кемпир апа ҳәм аталар зүрриятыңыз саламат болсын десеңиз, бул мәсләҳатти келинлериңизге ҳәм қызларыңызға ескертиўден шаршамаң.
Айшолпан БАЙМУРАТОВА,
Республикалық У.Халмуратов атындағы көп тармақлы емлеў орайы мәсләҳат поликлиникасы үлкен мийирбийкеси.