Газеталар баслама кѳтерсе, қуўанып кететуғын әдетим бар. «Қарақалпақстан жаслары» газетасының шѳлкемлестирилгенине 90 жыл болған ўақытларда экономикалық қыйыншылықлардан жабылып қалыў қәўпи туўды. Сол ўақытларда редакция жәмәәти «енди не қыламыз, жағдай сондай…» деп түңилиўшиликке берилип қол қаўсырып отырмастан, баслама менен шықты. «Не баслама? Қандай елеўли ѳзгерис кѳрдик?» деўшилер де табылар. Редакция жәмәәти «Газета бизлер ислеп атырған ўақытлары шықпай қалса, ким болғанымыз? Бизди келешек әўлад кешире ме? Газета оқыўшыларын қайтарыўдың барлық илажларын кѳремиз. Жақсы-жақсы мақалалар жазамыз. Жүрегинде оты бар қәлемлеслеримизге қулақ-қағыс, бизиң бул басламамызға үлес қосың» деп жар салды.
Жақсы басламаны қалай қоллап-қуўатламассаң? Мен де сол ўақытларда шала уйқыға кеткен қәлемиме: «Ҳаў, кәсиплеслеримиз мынадай деп шырлап атыр, жатқанды қояйық, қолдан келгенше аз да болса үлес қосайық» дегенимде қәлемим пақыр исенбегенин, гежирленип «қойса сол, ўақытша урра-урраны» деп мурнын гиржийткенин, кейнинде «ал, ѳзиң-ақ айтағой, не жазайық?» деп аўыр салмақты ѳзине салғанымда илҳамланып кетип, журналистлердиң қәлемине илине бермейтуғын айырым тараўлардағы кемшиликлерди қаластырып таслағанын, қәлемимниң айтқан бағдары менен «Жақын тарийх әңгимелери ямаса қәлемим менен ашық сәўбет» атлы мақала жазып, усы газетада жәрияланғаны есиме түсти. Сонда «ал, батылың барып жаза алсаң жаз!» деп ашыў менен жорғалап кеткен қәлемиме илесе алмай, оның идеяларының бирин жазып, бирин еситпегенге алып, «бир тилла берип айтқызып, мың тилла берип қойдыра алмай» тубалағаным бар.
Қулласы, бир жағынан ҳүкимет тәрепинен жәрдем кѳрсетилип, бир жағынан редакция жәмәәти атты барынша қамшылап, газета экономикалық жағдайларын дүзеўге ерисе алды. Кеше «Қарақалпақстан жаслары» газетасының хызметкери Арыўхан сиңлимиз телеграмдағы «личка»ма газетада жаңа контент жаратылып атырғанын, жергиликли баспасѳзде еле қолланылмаған даўыслы газета, мазмунындағы, дизайндағы ѳзгерислерди кѳриң деп электрон газетасының дәслепки санын таслапты.
– Не қылайық? – дедим және қәлемиме. – «Қарақалпақстан жаслары» еле Қарақалпақстанда жоқ даўыслы газетаны шығара баслапты. Ишимизден жақсы болған екен деп отыра беремиз бе?
– Жаслардан түрли идеялар шығады, – деди ол қәдимгише жақтырмаған түр билдирип. – Басқа жақларда бар екен деп шошаңлай бермей, жергиликли газеталардай болып-ақ шыға бергенде биреў урысама екен?
Оның гәпин ѳре бастырмадым. «Ешектиң жүги жеңил болса, жатаған келеди». Тур!
– Бәрқулла сол гәп. Кеше емес пе еди, усы китап шықса арқайын бир дем аламыз дегениңиз? Дем алыстағы журналист жазбаса ҳеш ким жазбай ма?
…Қулласы ол не деди, мен не дедим, кейнинде жаслардың электрон газетасы бойынша азы-кем пикир билдириўге келистик. Қәлем мойнын гүжирейтсе не қылайын, бир-еки нуқып жиберсең ѳзи-ақ жѳнге түсип кететуғын әдетин бурыннан билгеннен соң оның бул сықылын елестирмегенге салдым.
Айтпақшы болғаным, «Қарақалпақстан жаслары» газетасының электрон каналына «беш кеттим». Президентимиздиң миллий контент жаратылыўы тийис, жумысты жаңаша баслаў бүгинги күнниң талабы, журналистлердиң артында ѳзим барман деген мазмундағы басламасын жаслар газетасы бириншилерден болып қоллап-қуўатлағаны кѳринип тур.
Газетаның электрон каналында биринши гезекте бурын кѳзимиз үйренип кеткен «мәмлекетимизде соңғы жыллары жүз берип атырған кең кѳлемли жаңаланыўлар…» деген сыяқлы шаблон сѳзлер менен басланатуғын материаллардың азлығы бирден дыққатымызды тартты. Қысқа ҳәм анық берилген жаңалықларда тийимли-тийимли мағлыўматларға ийе боласыз. Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыялары, жаслардың искерлигине тийисли табыслары, жазыўшылардың дѳретиўшилиги менен таныстырып барыў, поэзия дейсиз бе, кѳркем аўдарма ма, қулласы, газетадан табаман деп ойлағаныңыздан да кѳбирек мағлыўматларға ийе боласыз.
Маған және бир унаған тәрепи каналдағы аудиомақалалар болды. Журналист Жумагүл Ембергенованың «Михайлдың ўақты» атлы даўыслы мақаласын тыңлап отырып, газетаның аудиомақаласының түрли жағдайдағы оқыўшылары ушын қолайлы тәреплерин санап шықтым.
– Таптырмайтуғын бул идея кимнен шықты? – дедим Арыўхан Турекееваға.
– Редакциямызды жас кадрлар менен толықтырыўым ҳә дегеннен ѳз нәтийжелерин бере баслады, – деди ол. – Идея да, оны иске асырыў да Бекберген деген жигитке тийисли. Жасларда идея кѳп. Жақсы идеялар болса, оны қоллап-қуўатлаў бизден.
Бәрекалла, Бекберген ҳәм Хабибулла! Барлық редакцияларға да «газета еплеп шығып атыр, күн ѳтсе, айлықларымызды алып тыныш ғана жүре берсек, қалғанын кѳре берермиз» деген пикирдегилерден кѳре, сизлердей басындағы идеялары тынышлық бермейтуғын, жаңалыққа жаны қумар, қолынан ис келетуғын, заманға қарай ҳәрекет ететуғын кадрлар, журналистлер керек. Бүгин «Қарақалпақстан жаслары» ѳз искерлигин сѳз жүзинде емес, заманға аяқ қосыўында кѳрсетти.
Пердегүл Хожамуратова, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
