Саратанның ыссысы менен қаўын-ғарбыз писеди. Әйне усы ўақытта басында қаўын қосы бар, ҳәр жерге «қорықшы» қойылған атызға барып қалсаңыз жағымлы ийистен кеткиңиз келмей қалады. Писип сабағынан үзилген қаўынның мазасына не жетсин?!
Нөкис районы Шортанбай елатында жасаўшы Нийетбай Ҳакимовтың қаўыншылық пенен айланысқанына жигирмалаған жылдың майданы болып қалды. Өзи жоқары мағлыўматлы қәнигелиги бойынша инженер – механик. Оны көпшилик қаўыншы сыпатында жақсы таныйды.
– 2001-жыллардан баслап дәслеп үш гектар жерге қаўын егип, зүрәәт алдық. Жыл сайын тәжирийбе жыйнап, жер майданын кеңейтип, қосымша помидор ҳәм басқа да палыз егинлерин егип басладық. Кем-кем қолымыз узайды, өз көлигимиз ҳәм техникамызға ийе болып атырмыз, – дейди Нийетбай Ҳакимов.
Алдынлары қаўын қарық жарылып, шетине шанақлап егилетуғын болса, соңғы суўдың азлығын есапқа алып, қарықты толтырып суўғарыўдың мүмкиншилиги аз болғаны ушын, қаўынлар тегис майданларға да егилип атыр. Февраль ҳәм март айларында берилген суўдан суўғарылған жерлер апрель май айларында тапқа келеди. Бири-биринен мазалы қаўынның сорты көп. Ҳәр бириниң өзиниң егилиў ўақты, тәрбиясы өз алдына.
Жаз қаўынлар шық түсиў ўақтына қалып қойса, писип жарылып, зая болыўы мүмкин. Гүз қаўынлар яғный қысы менен сақлаўға болатуғын түрлери өз алдына егилип, ўақты ҳәм күтими де парқ етеди. Гүрбек ҳәм сары қаўын ертеписер, ал қарагүләби, қотырбийшек, алақамба, түйе қаўынлар кешписер қаўынлар. Қаўынның түрлери оғада көп. Дийқан жериниң топырақта ызғарды көбирек сақлайтуғын, соның менен бирге соқа, тез кеўип кететуғын топырақлы жерлериниң жағдайын инабатқа алады.
– Қаўын егилип болып, жабайы шөплерден тазаланып барылып, 30– 40 күнде ақ тамыр урып «шиллесинен шығады». Гүллеп баслайды. Усы пайытта қаўын шыбынына қарсы илажларды көремиз. Арнаўлы дәрилерин қолланамыз. Соң азықландырыў жумысларын баслаймыз.
Районымызда Германия мәмлекетинен қәнигелер келип, қаўын шыбынына қарсы гүресиў усыллары бойынша оқыў-семинар өткерди. Соң Япония мәмлекетинен келген қәнигелер суўдың аз жағдайында қаўын жетистириў усылларын үйретиў сабақларына қатнастым, – дейди қаўыншы-дийқан Нийетбай Ҳакимов.
– Жаз басында жамбылшаны жаңалық етиў жақсы бирақ, пискен ўақыттағы мазалы ийисине сағаллар келип, және машақатты көбейтеди, дейди ол. Сонлықтан басқа қаўын түрлерин егип, жетистирип халқымызға инам еткенди мақул көреди. Шаңарақ ағзалары ең жақын жәрдемшилери екен. Өмирлик жолдасы Айсара Жумаева, баласы Баҳадыр, келини Гөззал ҳәм ақлықлары Әдилбек ҳәм Асылбеклер қол-қанаты.
Жегенде ширеси тилиңди үйиретуғын мазалы қаўынлардың шыпалы қәсийетлери де оғада көп.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА, Нөкис районы.
