Балалықты еслеп

Балалықтың шийрин демлерин еслеў – қандай жағымлы. Қыста музда сырғанақ ушын, жазда суўда жүзип, қалақ ойнар едик. Әсиресе, қумлықтың үстинде ойнайтуғын ойынларымыздың шәртлери бәршемизге бузылмас қағыйда. Ол ўақытлары ҳәзиргидей жақын жерлерде ойын майданлары болмаса да, өзлеримиз қолайластырып аламыз. Ўақытты да билмей қаламыз-аў, шамасы ойынның оғыры қызық ўақтында үйдиң иши шақырып қалады. Үйде жеңил-желпи жумысларды ислеп болсақ болды.

Балалықтың бахытлы мәўритлери әлбетте мектеп дәўиринде өз алдына даўам етеди. 1984-жылы Хожели районындағы 2-санлы мектептиң 1-класына отыз бес оқыўшы қәдем қойды. Ҳәриплерди биримлеп үйренип ҳәм санаўды меңгерип жүрип, әдеўир күнлер өтти. Жазыў ҳәм ядлаў тағы бар. Муғаллимнен мақтаў еситкен оқыўшының қуўанышында шек жоқ. Ҳәмме ушын бес баҳасын алыў бәлент таўға миниў еди.

– Биринши муғаллимимиз ҳәм класс басшымыз Гүлайым Ембергенованың бизлерде мийнети көп. Сабақта ҳәм сабақтан соң да бизлер менен жақыннан сөйлесип, өзиниң ақыл-кеңесин айтыўдан жалықпас еди. Пән олимпиадалары ҳәм басқа да жарысларға таярлап жеңимпаз болған ўақтларымызда «сизлердиң табысыңыз мектептиң де атын танытады» дейди.

Он жыл оқып, билим алған ана мектебимиз бенен хошласарда устазларымыздан көп ғана алғыслар алдық. «Тәлим-тәрбиямыздың жемиси сизлер арқалы көринеди» деп исеним билдиргени кешегидей ядымда.

Сағынышлы дийдарласыўды асыға күткен классласларды ана мектеби қәдирдан муғаллимлери күтеди. Кешеги оқыўшылар бүгин белгили кәсип ийелери, тараў ўәкиллери. Устазлары үйреткендей жемисли мийнет жолларын жаратыўға ерискен. Үлкен келешекке қанат қомлатып, ушырған қәдирдан уясы, ана мектеби алдында бас ийеди. Ким қайда болса да, усы уяда үйренген адамгершиликтиң ағла пайзыйлетлери оларды бир-биринен узақластырмайды.

Светлана КУРМАНОВА, Нөкис қаласы.