Самарқанд қаласында Самарқанд мəмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳəм биотехнологиялар университетинде Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳəм шарўашылықты раўажландырыў комитети системасындағы жоқары оқыў орынлары қатнасыўында Үшинши Республикалық жаслар форумы көтериңки руўхта болып өтти. Университет ректоры, профессор Худайназар Юнусов илажды кирис сөз бенен ашты. Усы форумда филиал директоры Адилбай Есимбетов басшылығында профессор оқытыўшылар ҳəм студент жаслар белсене қатнасты. Үшинши Республикалық жаслар форумы ҳақыйқый жаслар атмосферасын жаратып берди. Атап айтқанда, 5 әҳмийетли баслама тийкарында түрли таңлаўлар, спорт жарыслары, жаслардың дөретиўшилик көргизбелери, «Дебат» ҳəм «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы, соның менен бирге питкериўши курс студентлериниң салтанатлы питкериў кешеси «Ветеринар анты» мәресими өткерилди. Филиал студент жаслары форум шеңберинде өткериген усы таңлаўларда белсене қатнасып, өз қәбилетлерин жүзеге шығарды. Атап айтқанда, усындай таңлаўлардың бири «Дебат» интеллектуаллық ойынында өзлериниң тапқырлығы ҳəм ораторлық шеберлигин көрсетип, 2-орынды ийеледи. Ойында университет ҳəм оның Ташкент филиалының студент жаслары техникум ҳəм де лицей оқыўшылары қатнасып, ортаға тасланған қызықлы темалар шеңберинде қəбилетли студент жаслар 2-орынды ийелесе, спорттың волейбол түри бойынша сыйлы 1-орынды қолға киргизди.
Форум шеңберинде «Студентлер театр студиясы» таңлаўы шөлкемлестирилди. Онда филиалдың қəбилетли студентлери жазыўшы Саид Аҳмадтың «Уфқ» трилогиясы тийкарында саҳналастырылған спектакли менен белсене қатнасып, 2-орынды ийеледи.
Самарқанд қаласында өткерилген жаслар форумында студентлеримиз белсендилик көрсетти. «Перспективалық жойбарлар жаслар нəзеринде» темасында өткерилген стартуп жойбары таңлаўында филиал студенти С.Муқимов өз жойбары менен қатнасып, 1-орынға мүнəсип деп табылды.
Сондай-ақ, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўында филиалымыздың «Тулпар» командасы екинши орын жеңимпазы деп табылып, қуўнақ студентлер өзлериниң əжайып шығыўлары менен бəршеге көтериңки кейпият бағышлады.
Самарқанд мəмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳəм биотехнологиялар университетинде Үшинши Республикалық жаслар форумы шеңберинде бир қатар илажлар жоқары дəрежеде шөлкемлестирилди. Таңлаўлар ҳəм жарыслар жуўмағында сыйлықлаў мəресими болып, университет ректоры Х.Юнусов қатнасыўшыларға миннетдаршылық билдирип, жаслар байрамы менен қутлықлады. Ҳəмме жеңимпазлар диплом ҳəм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Зийўар ХОЖАМУРАТОВА, филиалдың баспасөз хаткери.
