«Ең уллы, ең әзиз» таңлаўы жеңимпазлары

Қарақалпақ жазыўшылары ҳәм журналистлери турмысында үлкен жаңалық. «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз» сүрени астында елимиз Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы байрамына бағышланып «Ең уллы, ең әзиз» дәстүрий таңлаўының Өзбекстан Республикалық басқышы өткерилди.

Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамы жуўаплы хаткери, белгили аўдармашы, балалар әдебияты жазыўшысы Бекназар Ерназаров өзиниң таңламалы шығармалары ҳәм А.Қодирийдиң «Өткен күнлер» романының қарақалпақ тилине аўдармасы менен қатнасып, 2-орын жеңимпазы болды.

Таңлаўда және де қарақалпақ журналистикасында өзиниң айрықша орнына ийе, қәлемкеш ҳаял-қызлардың да устазы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Пердегүл Хожамуратова «Анам түсиме енген күн» публицистикалық мақала ҳәм очерклерден ибарат китабы ушын таңлаўда 2-орын жеңимпазы болды.

Жеңимпазларымызды барлық дөретиўшилер атынан қызғын қутлықлаймыз.