Зульфияханым туўылғанына 110 жыл

Зульфияханымның дөретиўшилиги ҳәм жумысы, оның аты менен шөлкемлестирилген Мәмлекетлик сыйлықтың елимиз қызлары турмысындағы орны ҳәм әҳмийети ҳаққында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан халық шайыры, белгили жәмийетлик ғайраткер, Жаваоҳарлъал Неру атындағы халықаралық сыйлықтың ийеси, халықаралық «Нилуфар» сыйлығының ийеси Зульфия Исраилованың басып өткен өмир жолы, дөретиўшилиги ҳәм әсиресе, ҳәр бир өзбек қызына, тек ғана өзбек қызы емес, ал пүткил шығыс қызларына өрнек болатуғын руўхый дүньясы, әдеп-икрамлылық тулғасы халқымыз тәрепинен жоқары баҳаланып келинбекте.

Зульфияның таланты улыўма елимиз әдебиятында айрықша ҳәдийсе болып табылады. Тарийхый тәғдир шығыс ҳаял-қызларының ҳаўазын дүнья минберине алып шығыўдың мақтанышын ҳәм қыйыншылығын Зульфияға жүкледи. Бул жуўапкершилик оның дөретиўшилик шыңын ҳәм турмыс тәризин белгиледи, белгили жәмийетлик ғайраткер, тынышлық ҳәм халықлар дослығының жыршысы сыпатындағы орнын белгиледи.

Шайырдың өмир жолы ҳәм турмыстың ҳәр бир соққыларында да опадарлық ҳәм садықлық пенен өз исенимине, халқына садық қалғаны шайырды руўхый мәртлик ийеси сыпатында улығлады. Лирик шайыр – Ҳамид Олимжон менен өткерген қысқа өмири, оннан айырылып қалыўы, улыўма шайырдың өмири садықлық ҳәм опадарлық тымсалы болып қалды.

Ҳаял-қызларды муқаддес билиў, оларға айрықша ҳүрмет көрсетиў, азат ҳәм абат елимиздиң келешеги болған ҳәр тәреплеме жетик жасларды тәрбиялаўдағы шексиз орнын және бир мәрте тән алыў, бәркамал, ақыллы ҳаял-қызлардың әўладын камалға келтириў, олардың арасындағы қәбилетли жаслардың әдебият, көркем өнер, илим, билимлендириў ҳәм мәдениятты раўажландырыўдағы жетискенликлери, заманласларының миллий ғәрезсизлик идеялары ҳәм мәдений-руўхый қәдириятларға исениминиң артыўы жолындағы ибратлы жумысы, кең көлемли реформаларды жеделлестириўге белсене қатнасыўын хошаметлеў мақсетинде 1999-жылы Өзбекстан Республикасы  Президентиниң Пәрманы менен Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестирилди.

Ҳәзирге шекем елимиздиң жүзлеген қәбилетли, излениўшең ҳәм инталы, белсенди қызлары ҳәр жылы бәҳәрдиң дәслепки күнлеринде усы жоқары сыйлық пенен сыйлықланады. Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық бүгин елимиз қызларының өлшемине, ийгиликли идеяларын әмелге асырыў қуралына айланды.

ӨзАның хабаршысы, Н.Усманова жазып алды.