«Суйық»

Балалық жылларымда аўылымызда Абылла суйық лақаплы бир киси жасар еди.  Бул сөздиң мәнисине дурыс түсинбегенлигимнен бе   анамыздан сорағаным еле кешегидей есимде. Сонда ол «Суйық  дегени «Өтирикши» «ўәдепаз» деген мәнисти билдиреди. Ҳасла  ондай инсан бола көрме, қулыным!» деп, бир неше мысаллар да  келтирген еди. Бәлким, солардың тәсиринен шығар сексенниң асырымынан өтсем де елеге шекем бир бендени алдап көрген жан емеспен. «Ўәде бердиң бе орынла!» деген уран мениң өмиримниң мазмунына айланып кеткен десем асыра айтқан болмайман.  Ара-тура йошып кетип аңламай бере салған ўәделеримди де орынлаўға ҳәрекет етемен. Қудайдан жасырмағанды бендеден жасырып не қылайын?! Әттең, айда-жылда умытшақлық деген кеселим қозып кетип, берген ўәдемди ўақытша естен шығырып алатуғын жағдайлар да болып турады. 

Усыннан бес жыл арыда баспаға «Өсекшилер»атамасындағы қол жазбамды алып барған едим. Сонда редактор қыз ақырына шекем бетлеп көрди де мәсләҳәт бере баслады.  «Китапқа тартымлы тема таңлаған екенсиз, Өзиңизде жақсы билесиз, ҳәзир сүўретлер  компьютерде исленеди. Ол текст пенен жақсы таныс болған  сүўретшилердиң салғанындай бола бермейди. Солай екен, бир-еки сумынан қашпай Көшкинбай ағаға салдырып келсеңиз зор болар   еди,напақадағы адам ғой, қалайда ўақты бар шығар» деди,

Қулласы,үйин сорастырып таптым. Қол жазбаны бердим. Арадан  бир ҳәпте өтип маған қоңыраў етти. Тез жетип бардым. Салған сүўретин көрип разы болғаным соншелли сорағанынан да көбирек ақшаны алақанына бастым. Солай етип «Берекет табың»ды  айтып  кете берсем де болатуғын еди-аў, әттең тилим қурғыр қышып кетип   басылып шыққаннан кейин әлбетте раслап «жуўып» кететуғыныма  ўәде бере салдым.  Қулласы, китабым тез  арада  көз тартарлық дәрежеде таяр болды. Сол аралықта атың өшкир,корона вирус деген  жуқпалы кеселлик тарап, қоңсы-қоңсыдан хабар алыўға қорқатуғын   жағдай жүз берди. Ҳәттеки,даңқы елге жайылып кеткен не бир  инсанлар бул әлемнен ерте көз жума баслады. Бәлким, соннан шығар еки жылдың қалай өтип кеткенин сезбей де қалыппыз-аў!

Тири бенделерге гезектеги ораза айы да келип жетти. Бир  күни телевидение арқалы тосаттан мешит иймамының ўазын тыңлап қалдым.  Ол киси инсанларды гүнаға батыратуғын иллетлерди  бармақ  бүгип санай баслады. Иймамның «Ўәдеге ўапа қылмаслық та үлкен гүналардың  бири» – дегенлерин еситкен заматы ериксиз  Көшкинбай көз алдыма келип төбе шашым тикке турды. Сол бойда апыл-тапыл кийинип бир китабымды дорбама салдым да қалаға қарай тарттым. Өзимниң ашшы суў менен «аразласқаныма»бираз жыллар болғанлығын есапқа алып, бала-шағаларына базарлық, ал өзине ишимлик пулын ақшалай бергенди мақул көрдим.  Кеширим сорап  кирип бардым. Төрге мирәт етти. Аман-есенлик  сорастық. Ақлықларына алма-жүзимди,ал өзиниң алдына китапка қоса ақшада  қойдым. «Алмайман, анаў сапары есапласып кетип едиң ғой, менде анаў бәледен безгенмен. Китабың ушын рахмет, илхамың толып-таса берсин» деди шын кеўилден пәтияға қол жайып. Өзимди пәске таслағым келмей «жанда, лебизде бир аўыздан шығады, Көшеке,қалыс» дедим. Қулласы шай ишип, гүрриңлесип отырдық. Ең  баслысы сол сапары «Ҳештен кеш  жақсы» дегендей ўәдеге ўапа қылғаныма қатты қуўанған елим.

Айтпақшы болғаным, бүгинлиги сол китаптан не бары үйимде  үшеўи ғана қалыпты. Жакында Сәлимжан исимли бир танысым  қоңыраў етип,қалай болмасын бир дана таўып бериўди қайта-қайта өтиниш ете берди.  Әттең, аңқылдақлығым ба, сатылмай турып-ақ   жүзден аслам нусқасын алағойға яғный сыпайылап айтқанда таныс-билислерге «саўға» сыпатында үлестирип жибериппен. Бул жигитте солардың қатарында бар еди. Қәне, ўәжге турса. Баслығы соратыпты емиш! Ҳәттеки, доллар бермекши де болып лап урды.  Бетим шыдамады ма қәйдем «Мейли, баслығыңның ықласы кеткен екен, илажымыз қанша?! Шәртим солай артықша пулың керек емес, шыққан  ўақтағы өз баҳасын берсең жетерли»дедим. Қулласы, «қайыр етсең пүтин ет» дегенлериндей китабымды сол мәкемеде ислейтуғын таныслардан берип те жибердим. Ол телефоны арқалы қайта-қайта алғысын жаўдырып «ертең өз аяғым менен  барып аманатыңды тапсырып кетемен» деди.  Менде қарап қалмай «Жумысыңнан қалып не қыласан, ҳәзир техникаласқан заман. Мақулы мениң соткиме таслап жибере ғой, айма-ай төлеп те турыппан» дедим шын кеўилден.  

…Арадан күнлер зымырап өте берди. Айда толды. Телефоныма да  пулды өзим салдым. Одан еле дерек жоқ. Бир сапары хызмет сапарында екенлигин екинши рет шамаллап қалғанын айтып қоңыраў етти. Содан қайтып ләм-мим демеди. Узын қулақтан еситиўиме қарағанда лаўазымы бир басқышқа көтерилген емиш!  Бәлким, жумыс басты болып жүрген шығар. Ким билсин?! Мен де   арзымас пул ушын мазасын алып отырмадым. Басы аман болса болар. Әттең, әттең, таныс бола турып көз гөреки аўзыма  ылай сыйпап кеткени ядыма түссе шымбайыма ағаш ийердей қатты бата  беретуғын  болды. Ең болмағанда тилине бек болғанында бәлким  жәмийетимизде бир суйық кемирек болар ма еди, қәйдем! Сизлер  не дейсиз! Ямаса  биз қыйқымлық етип атырмыз ба!?

Көбейсин ЕРНАЗАРОВ.