Бәҳәр гөззаллығы: тәбияттың ояныўында

Бәҳәр тек ғана тәбиятты емес, бәлким инсанлар кеўлине де өзгерислер алып келеди. Қыстың суўық күнлеринен кейин, адамлар және де қуўнақ ҳәм кеўилли болады. Бәҳәр – бул жаңа жобаларды дүзиў, әрманларды әмелге асырыў ҳәм турмыстан заўық алыў ушын әжайып мүмкиншилик болып табылады.

Бәҳәр реңлерге бай мәўсим. Жасыл, ақ, сары, қызыл, ҳәм басқа реңлер тәбиятқа әжайып гөззаллық бағышлайды. Гүллердиң түрли-түслиги, тереклердиң жасыл жапырақлары, аспанның ашық рең көклиги – булардың барлығы бәҳәрдиң ҳәр түрли реңде екенин көрсетеди.

Бәҳәр – бул үмит мәўсими. Қыстың қыйыншылықларынан кейин, бәҳәр жаңа басланыў, жаңа мүмкиншиликлер ҳәм жаңа үмитлерди алып келеди. Бәҳәр – бул турмыстың гөззаллығын сезиниў, тәбияттан заўық алып ҳәм ҳәр бир күнниң қәдирине жетиў ушын әжайып ўақыт.

Бәҳәрдиң гөззаллығы инсанларды қуўандырады ҳәм өмирге болған муҳаббатын асырады. Бул мәўсим бизге тәбият пенен уйқаслықта жасаў, ҳәр бир минуттан заўық алыў ҳәм турмыстың гөззаллығын қәдирлеўди үйретеди.

Бәҳәр – бул тек ғана әпиўайы мәўсим емес, бәлким турмысқа жаңа үмит ҳәм  қайта туўылыўдың тымсалы есапланады. Қыстың суўық ҳәм қараңғы күнлеринен кейин тәбият өзиниң реңли түслерине енеди. Тәбият жаңаланады.

Бәҳәр келиўи менен, тереклер жаңа жапырақларын ашады, гүллер болса өзиниң айрықша реңлери ҳәм ийислерин әтирапқа таратады. Қар ерип, топырақ ызғарланады ҳәм жасыл шөплер пайда болады.

Бәҳәр тек ғана сыртқы тәбиятты емес, бәлким инсан кеўлин де жаңалайды. Ыссы қуяш нурларының тәсири, жаңа гүллердиң ийислери ҳәм қустың сайраўы инсан қәлбине жыллылық ҳәм оптимизм бағышлайды. Көплеген инсанлар бәҳәрде көбирек  сейил етиў, спорт пенен шуғылланыў ҳәм тәбият пенен бирге болыўды жақсы көреди. Бул болса өз гезегинде саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлайды ҳәм психикалық жағдайды жақсылайды.

Түрли халықлардың мәдений мийрасларында бәҳәр айрықша орынды ийелейди. Сондай-ақ жаңа басламалар, жаңа әрманлар ҳәм келешек тәрепке үмитлерди оятады. Тәбияттың ояныўы инсан кеўлине де жаңаланыў энергиясын алып келеди. Жаңа пикирлер, жобаластырылған мақсетлер ҳәм ерисилген табыслар ушын йош дереги болған бәҳәр, турмыстың нәзик ҳәм гөззал көринислерин еске салады. Бул мәўсим инсанды өзиниң ишки әлемин жаңалық ашыўға, жаңа мақсетлерге ерисиўге шақырады.

Бәҳәр – бул тек әпиўайы мәўсим емес, бәлким үмит, жаңаланыў ҳәм тәбияттың әжайып үлгиси болып табылады. Қыстың суўық ҳәм қаранғы күнлеринен кейин, тәбият өзиниң гөззаллығына қайтады ҳәм инсан кеўилине қуўаныш ҳәм жаңа идеялар алып келеди. Бәҳәрдиң бул айрықша гөззаллығы инсанларға мудамы йош бағышласын ҳәм келешекке умтылыўлардың күш-қуўат дереги болсын.

Аймекен ЕМБЕРГЕНОВА,
Қоңырат районы, 4-санлы мектептиң муғаллими.