БӘҲӘР НӘПЕСИ

Күншығыстан ҳәр күни қулан ийек болып аппақ таң атады. Бәҳәр таңының гөззаллығы, пайызы, көркемлиги болса өз алдына болып, бир дегеннен инсан кеўлин өзине тартады. Итибар берип қарасақ, сақый қуяш көктен алтын нурларын кең әлемге шашып, пүткил тиришилик ўәкиллерин уйқыдан оятпақта. Қызығыўшылығымыз тутып, терезеден әтирапқа нәзер таслаймыз. Ана тәбиятымыз қулағымызға әсте сыбырлап: «Мен сизлерге әжайып саўға таярлап қойыппан. Оны терезеден емес, сыртқа шығып қарсы ал. Жазық далаларды аралап, гүллерге бүркенген шәменлерди сейил ет. Сонда мениң өнеримниң гүўасы боласаң. Көзлериң қамасып, жүрегиң нурлы сезимлерге бөленери анық» деп турған сыяқлы.
Буннан соң жақсы нийетлер қанатында отаўымның есигин аштым. Денемизге ләззет бағышлаўшы жипек самал босағамыздан ишке кирип, қәдирдан уямызды пайызға толтырып жиберди. Сыртқа шығып дөгерек-әтирапқа дыққат аўдардым. Усы мәўритлерде қоршаған орталықта кеўилди сүйсиндирерлик өзгерислерди, үлкен жаңалықларды жан жүрегим менен сезинип, бундай нурлы күнлерге жеткергенине шүкирлик еттим. Таза ҳаўадан тойып нәпес алып бойым жеңилленди. Соңынан ишке кирип календарьға қарап қойдым. Март айының дәслепки күнлери. Демек, дүньядағы ең ағла, ең сулыў сөзлер менен тәрийипленетуғын, өзиниң теңсиз жамалы менен қаншадан-қанша кеўиллерге қанат бағышлайтуғын көркем бәҳәр мәўсими үлкемизге кирип келип, инсанлар менен дийдарласыўға асықпақта. Телеэкран ҳәм радиотолқынларда болса хош ҳаўаз қосықшы Базаргүл Каримованың «Бәҳәр келди» қосығы жаңлап, кеўлимизге көклем нәпесин сезиндирмекте. Бәҳәр бизди сағынып келген екен, өз нәўбетинде биз, инсанлар да бәҳәрди қатты сағынғанымызды тереңнен сезинип, қәдирдан пасыл менен сырласыўға асығамыз.
Үлкемизде ҳүким сүриўши төрт мәўсимниң де өзине жараса сулыўлығы, заўқы, тилсимлери бар. Олардың ишинде пасыллар келиншеги деп тәрийип берилетуғын бәҳәрдиң тутқан орны өз алдына. Ана тәбиятымыздағы ояныўға үнлес түрде кеўлимизде де гөззал сезимлер оянып, өмирди гүллендирип, қоршаған әтирапты абаданластырыўға бел байлаймыз. Бәҳәр таңының шуғласынан қуўат алған ҳәзирети дийқанларымыз халқымыздың дәстурханының толы болыўын тилейди. Олар қәдирдан атызына жол алып, қызғын мийнетке кириседи.
Бәҳәр көринислери талантлы қыл қәлем ийеси тәрепинен дөретилген әжайып картина сыяқлы дыққатты тартады. Тереклердиң бөртик жарыўы, ерик гүллериниң аппақ болып гүллеўи, тәбияттың жасыл липас кийип арыў қызлардай доланыўы, қарлығашлардың алыс жақлардан мамық уяларына ушып келиўи бәрше заманласларымызға қуўаныш бағышлап, өмирдиң мазмунын сезиндирип, үлкен дөретиўшилик ислерге бағдарлайды. Әсиресе, сезимталлы шайыр-жазыўшылар бәҳәр паслындағы жасарыў ҳәм жаңаланыўлардан, сөз бенен жеткерип бериў мүмкин болмаған гөззаллықтан илҳәмланып, алған тәсирлерин қунлы шығармаларында көркем сәўлелендириўге умтылады.
Улыўма айтқанда, нәўбәҳәр алдағы бәлент қырманлардың, мол ырысқы-несийбениң, нәўпир суўлардың, абадан турмыстың сағасы есапланады. Илайым, елимизге қәдем қойған бул көркем пасыл өзи менен тек ғана жақсы жаңалықларды, мөлдир сезимлерди, ығбал ҳәм қуўанышларды алып келгей!
Жасыл липасларын кийип тереклер,
Доланды бой жеткен қызлар мысалы.
Бәҳәр жамалынан толқып жүреклер,
Көрди дийдарыңда өмир тымсалын.

Умыттырып гүмис қыстың қәҳәрин,
Жипек самал аймалайды анамдай.
Жақсылардай мийримлисең бәҳәрим,
Қуўанаман келгениңде баладай.

Сүйсиндирип бүлбил қустың лапызы,
Бағларда таралар жағымлы нама.
Дәрьялардан ырыс суўын ағызып,
Дәстурханымызды толтырдың нанға.

Баўырыңа басқың келер көклемди,
Көргениңде гүллегенин ериктиң.
Шәмен етиў ушын пүткил әлемди,
Көркем пасыл бар ықласын берипти!
Бахытлы САРЫБАЕВ,
ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы.