ОЙРАН БОЛҒАН БАЛАЛЫҚ

(Даўамы. Басы 7-бетте)
Кеште жумысынан шығып, бир сетка заты менен булардың үйине келген шофер жигит ерли-зайыптың кесе қағыстырып отырғанының үстинен шыққанда, есикте бозарыўы менен турып қалды.
– Мен қудайдың қылғанына қайыл болдым, – деди ол затларын берип атырып. – Татажақ қара наным болса, маңлайыма жазылғанын көрермен.
Жумагүл ушып турып, есикке кес-кеследи.
– Ҳешқандай! – деди аўзынан арақ сасып. – Мен тири турсам, сени тыныш жасатып қоймайман. Ертең жәрдем етпеди деп арза жазғаным болсын. Қәне, жәрдем етпей көр, түрмениң төринде ширитпесем, атымды басқа қоя бер.
Шофер жигит үндеместен Жумагүлдиң есикке тиреп турған қолын ысырды да шығып кетти.
– Ҳәммеси сеннен болды, – деди ерине гижинген Жумагүл. – Арзыў арақты әкелген ўақытта тығып таслап, түнде ишкенимизде бәле де жоқ еди. Ынтығып өлдиң де турдың.
Сәтбай оған жуўап қайтармады. Анадай жерде китапқа мәзи үңилип, сабақ таярлаған болып отырған Арзыўға бир нәрселерди айтқан болды.
– Сени жатқарып қойып сақлай алмайман, – деди Жумагүл оннан сайын пәтке минип. – Шаршап кеттим. Әкең бар, сени үйине әкетип бақсын.
– Ҳеш жаққа бармайман. Өлсем, өзимниң үйимде өлемен. Ертең арза жазып тапсыр. Қараспайтуғын болса, қаматамыз. Милиция бир шақырып қысқыға алса, үйге жалынып келмегенин көрейин.
Олар өзлеринше дүзип таслаған «планы»ның изи аўыр қайғы алып келерин билген жоқ. Шийшеде қалғанын бөлисип ишип, ҳәрким жатқан жеринде уйқыға кеткеннен ертеңине уллы сәскеде турды. Сол күни балама азанғы шайҳалқасын берип, оқыўға жөнетпедим-аў деген ана, буны оқыўдан неге қалдырдың деген әке болмады. Арзыў да түрли сылтаўларды айтып, сабақ қалдырғысы келе беретуғынына бираз ўақыт болғанлықтан,ҳешқайсысы да қыйналған жоқ. Сорлы муғаллимлердиң Арзыўдың анасына ескертиўинен, оның беретуғын ўәделеринен кемис қалған жоқ.
…Жумагүл азанда үлкен ойласық пенен жазған арзасын ишки ислер бөлимине апараман деп шығып кетип, бираздан соң қайтып келди.
– Арзыў, сен мениң менен жүр. «Мынаў балам, жейтуғын наны, мектепке барыўға дәптер-қәлеми жоқ» деп көрсетемен.
– Яқшы, мама, – деп қуўанып кеткен Арзыў тез кийинди де анасының изине ерди.
Олар үлкен жолға шығып,жөнелисли таксиге минбей атырып-ақ тап болған достысы Жумагүлдиң барлық тәшўишин умыттырды. Бәндиргидеги отырғышта екеўиниң әңгимеси узаққа созылды. Арзыўға арасында «тыныш отыр» дегени болмаса,аўызлары гөжедей қайнаған дослар өсектен босамады. Көп ойласықтың кейни ҳәр көргенде «келип бир жазылысып кетерсиз» деп мирәт сала беретуғын, өзлериндей йошлы, күйеўинен ажырасқан достысының үйине шөкти.
Отырыспа күн батыўға мейил бергенше даўам етти. Жумагүл төсекте ерим қалып еди, изимде балам жүр демеди. Үш дос гә саз, гә сәўбет пенен күнниң қалай өткенин сезбеди. Бул үйде тартынғандай адам болмағаны оларға қол келип, қәлегенинше ишти, дәртлерин төкти. Дослар Сәтбайды қаққан шофёрды я бар, я жоқ етиўге жәрдем беремиз деп ўәдени бир жерге қойып тарқасты.
Арзыў ийнине салып киятырған анасының қолы салдай болыўына қарамастан, жығылмаса болар деп еплеп сүйеп киятыр. Көликке минген соң да ҳәркимге сөйлей бергени жақпай, қолын қысқанына итибар берип атырған Жумагүл жоқ. Түсетуғын бәндиргисинен өтип баратырып «Мама, түсемиз, тоқта де?» дегенине қарап машинасын ирккен шофер оларға мәнили қарап қойды.
Машинадан түскен соң Жумагүлдиң жүриси әбден қыйынласты. Ала геўгим мәҳәл. Үлкен трассадан кесип өтиў ушын көликлердиң сийрексиўин күтип турған Арзыў изине сәл айланғаны сол, ийнинен қолы жаздырылған анасы жолдың ортасына қарай ентелеп кетти. Қалған жағы қас қағымда жүз берди. Сол ўақытта анадай жерге барып тоқтаған машина менен жолдың қақ ортасында қанға боялып атырған мамасы оның көз алдында мәңгиге мөрленип қаларын Арзыў билген жоқ. Тоқтап атырған машиналарды, адамлардың жуўырысып киятырғанын, «Баланы тартың!» деген даўысларды түсинде көрип атырғандай. Шақырылған «Тез жәрдем»дегилер басқа арнаўлы машина шақырды. Сорлы нәресте анасын соңғы мәрте көрип атырғанын аңлаған жоқ…
* * *
Жумагүл қәйин атасының үйинен шығарылды. Пейит көтерилгенде анасының мәңгиликке сапар шегип баратырғанын енди сезгендей бирден шыңғырып, қолма-қол болып баратырған пейиттиң изинен қулындағы даўысы шығып жуўырып баратырған нәрестени ҳешким иркпеди. «Алып кетсин.Қәбирине топырақ салсын, сәл суўырмекен?» деген жасы үлкенлердиң де көзинде дөңгеленген жас қалқыды…
Пердегүл ХОЖАМУРАТОВА.