ӨТЕШ БАТЫР

XIX әсирдиң тѳртинши шерегинде Орыс империясы Хийўа ханлығын жаўлап алғаннан соң Хийўа ханлығының бурынғы қүдирети қалмады. Ханлықтың пәти қайтқаннан пайдаланған түркменлерден нѳкерлер жыйнаған яўмытлар руўының сәрдары Жонейдхан Хийўа ханлығына тийисли елатларды тонаўшылық пенен шуғылланды. Бирақ ханлықты толық жаўлап ала алмады. Бундай тонаўшылық қарақалпақларды да шетлеп ѳтпеди. Жонейдханға арқа сүйеген Ташсуў, Порсы, Гѳне Үргенш елатының яўмыт түркменлери дәрьяның шеп жағалаўындағы қарақалпақ елатына тез-тез шабыўыл жасап, басқыншылық пенен қызларын тартып алып, малларын алдына салып, айдап кете берди. Түркменлер қолында Ираннан келтирилген бешатар мылтықлары болған, ал қарақалпақларда болса бирең-сараң батыр жигитлерде аў мылтығы болмаса, улыўма қуралсыз болған.
Усындай ҳәр елдиң ар-намысы, ѳзине исенген, ер жүрек жигитлери елин жаўдан қорғаған. Солардың бири XIX әсирдиң соңы XX әсирдиң басында Ѳтеш батыр аты менен танылған қарақалпақтың қазаяқлы руўының перзенти Ѳтеш Дәўлетназар улы болды. Ол 1861-жылы бурынғы Қоңырат аймағының «Дѳңгелек кѳл» бойына қоныс басқан ашамайлы аўылында туўылған. Оның әкеси Дәўлетназар кѳбинесе Гѳне Үргенч тәрепте бай түркменлердиң малын бағып, күн кеширген. Ѳтеш жас ѳспирим ўақтында әкесине мал бағысып, жәрдемлесип жүргенде қуралланған 7 түркмен келип, бағып жүрген малларының бир тобын айдап алып кетеди. Маллар Гѳне Үргенчли бай Шаршараники еди. Бул ўақыядан кейин Ѳтеш байға барып, астыма ат, қолыма қарыў-жарақ бер дейди. Шаршара бай Ѳтешке «бармай-ақ қой, олар мениң душпанларым, сен барған менен малларды қайтарып бермейди»-дейди. Ѳтеш ѳтинип қоймағаннан кейин, оған қарыў-жарақ берип, атландырып жибереди. Изинен дуўа етип қалады. Ѳтеш айдап кетилген маллардың изин қуўып барады ҳәм изинен жетип, жети түркменниң үшеўин атып ѳлтиреди, ҳәмде алып кетилген малларды қайтарып алады. Бирақ бул ўақыядан кейин қашып кеткен түркменлердиң тѳртеўи ишинде дық сақлап қалады. Арадан еки-үш жыл ўақыт ѳткеннен кейин дық сақлаған түркменлер биймәўрит келип, Ѳтештиң Жипек атлы қарындасын урлап кетеди. Ѳтеш батыр қарындасын қутқарыў ушын жолға атланажақ болғанында оның анасы Тилеўмәрьям баласына «Сениң келетуғыныңды сезип отырған яўмытлар аңлып жатып, оқ үзип, жазым қылар. Қызымның изинен ѳзим бараман. Қандай мийримсиз болса да қуралсыз келген ҳаял адамға зыян жеткизбес…» деп ѳзи жолға шығады. Солай етип Тилеўмәрьям қызды алып кеткен яўмыттың үйине барады. Бирақ деген менен олар қызды бермейди. Ѳзи алдын болжап айтқандай оған зыян жеткизбейди. Тилеўмәрьям елге қуры қол қайтқан болып, аўылдың туў сыртына атын байлап, кеш түсиўин күтеди. Түнде сол яўмыттың отаўына келип, есиктиң оң жағына таслап қойылған түйениң жабыўының астына кирип, жасырынып жатады. Ғаўқылдасқан қонақлар аўыр жатарда тарқасады. Қыз қазан-табағын жуўыстырып, ийтке жуўынды қуйыўға шығады да, қайтып изине айланбайды. Ол апасы менен үнсиз түсинисип, қолайлы мәўритти күтип турған еди. Әне сонда яўмытлар «Ҳаял болсаң гѳрге Ѳтешке батырлық анасынан ѳткен екен ғо» деп тән берген екен. Ѳтеш батырдың қорғаны да болған. Ол «Жаңа қала» деп аталып қорған Қоңыраттың бийи Қутлымурат ҳәм Шәрибай беглербегиниң басламасы менен қурылған. Оны салыўда Ѳтеш батырда басы-қас болған. Усы жерден «Жипек жолы»ның бир тармағы ѳткенликтен Хийўадан, Ташаўыздан кәрўан тартып келген саўдагерлер қорғанға келип, иркилип, шай-суўын ишип, ҳәлленип сапарын даўам еткен. Қорғанның улыўма майданы 3,5 гектарды қураған болып, оның ишинде ҳәўиз, тас қудық ҳәм бағ болған. Егерде «Душпан бастырып киятыр»деген хабар келсе, усы жерге қараған елат мал-ҳәли менен қорғанның ишине киретуғын болған. Ѳтеш батыр елде бар ўақытта бул жерге ҳеш ким жүрек етип келе алмаған. Ѳтеш батырдың қапталына мудам ер жүрек 40 нѳкери болған. Ѳтеш батырды айырым байлар хош кѳрмеген. Ѳйткени кимдур «пәлен байда аласы ҳақым бар, бермей жүрипти» десе алдына түсип барып, берсе қолынан бермесе жолынан тартып, алып береди екен. Ѳтеш батыр жылағанды жубатқан, жетимниң маңлайынан сыйпаған, әдил адам болған. Ѳтеш батыр бир ѳзи жолбарыс пенен жекпе-жек айқасқан. Ол жолбарысты ѳлтирип, оның терисинен тулып ислеп, Хийўа ханына алып барады. Хан оның нәзеринен ҳәм жолбарыстың кебин кѳрип, албырап орнынан турып кеткенин сезбей қалады. Хийўа ханы оны сарайда жақсылап күтип, зер түймели шапан жаўып, белине ақ пышақ қыстырып, жаңа қала елине бий етип жибереди. Қарақалпақ халық батыры 1916-жылы 14 жасар баланың жазатайым атқан оғынан қаза табады. Түркмен яўмытларының қулағына «Ѳтеш батыр ѳзиниң қырық жигити менен жаңа қаладан шығып кетти» деген хабар жетип барады. Бул хабарға сүйенген яўмытлар Өтеш батырдың елине шабыўыл жасайды, Ханжаптың бойында қырғын саўаш болады. Яўмытларға жетип барған хабар сәл басқаша болып, негизинде Ѳтеш батырдың бир ѳзи аўылда болмаған. Ал, қырық нѳкери Жаңақалада болып, елди жаўдан қорғаған түркменлерди қырғынға ушыратқан. Усы қырық нѳкердиң ишинде Ѳтеш батырдың Мамыт, Сайыт, Қаражан деген инилери де болған. Деген менен бул саўаштың ақырында қарақалпақ батырлары қаза табады. Түркменлер жеңилиске ушырап, ѳлгени ѳлип, қашқаны қашып қутылады. Сол ўақытта Ханжаптың бойында 14 жасар яўмыт баласы путаның арасында тығылып, қалып қояды. Арқа беттен Ѳтеш батыр киятырған болып, ол усы яўмыт баласын ѳзиниң иниси Қаражан деп ойлап, оған қәтержам жақынласа береди. Сол ўақытта сол яўмыт баласы Ѳтеш батырға оқ үзеди. Оқ тийген Ѳтеш батыр бүйирин услап турып, «жап-жас бала екенсең, сени ѳлтирген менен жер толмас, бирақ оңбассаң» деп сол жерде жан береди. Сол ўақытта Ѳтеш батырды атып ѳлтирген бала батырдың үлкен ғарғысына қалады. Ѳмиринде еки мәрте тѳсек жаңаласада дүньяда бийперзент болған. Ол баланың аты Ғайтақ болып, Ѳтеш батырдан алғанын, батырдың қаны тѳгилген жерине зыярат етип, оның руўҳынан кеширим сорап, жалбыранатуғынын, бирақ пайдасы болмағанын сарсылып отырып ѳмиринше айтып жүрген.
Интернет материалларынан ықшамлап қарақалпақ тилине аўдарған: Шүкир Сийпат.