МЕНИ КЕШИР БИЙГҮНА ПЕРИШТЕ!

Оқыўды тамамлап, жумысқа араласқаныма жаңа ғана алты ай болды. Қала орайындағы емлеўхананың балалар бөлиминде педиатр шыпакермен. Бүгинде кешки нәўбетшилигимди қабыллап алып атырсам, ҳәмшийра қыз «тез жәрдем» менен наўқасты алып келгенлигин айтты. Қабыллаўханаға өтип, ол жерде наўқас ушын ашылған картасын алып, көзден өткердим.
Минайым Қоразбаева 12 жаста …. Наўқасты палатаға жатқарып ҳал жағдайы менен таныса басладым.
– Минайым не болды? Қай жериң аўырып атыр? Қаяқтан жығылдың? – деп сорадым. Көзлери «көз моншақ»тай қарашығы қап-қара еки бети аппақ сүйкимли ғана қыз екен.
– Жийде терекке өрмелеп, досларыма пискен жийделерди шақасынан сындырып таслап турған едим. Аяғым тайып жерге қулап түстим, – деди ол маған қарап.
– Анализлерин алып тексериўге жиберилди. Хирург шыпакер келип тексерип кетти, оннан траматолог келди. Қыздың ҳеш жери сынбағын, тек аяғы, қолының ети қыршылған еди. Ишки қурылысларын «УЗИ»ге түсирттирдик.
– Наўқасты коляскаға отырғызып «рентген» ханасына апарып ол жерден де тексериўден өткердик.
Айтарлықтай ҳеш жеринде көзге көринип турған жарақат жоқ.
Коридорда қарсы алдымнан шыққан жасы үлкен апай:
– Қарағым-ай! Сен бе доктор, қызыма не болыпты, аман ба? – деп сорады.
– Қызыңыз, дым жақсы, қорқынышлы ҳеш нәрсе жоқ, – дедим оған исенимли түрде. Палатадан атлығып шыққан ҳәмшийра:
– Патима Жалғасбаевна, наўқастың жағдайы төменлеп атыр! – деди. Шаққан адымлап палатаға кирип бардым. Растан да наўқасты қара суў, қара тер басып, ыссылығы көтерилипти. Термометрди көрсем 39оС танда сәл көтерилгенлигин көрсетип турыпты. Дәрриў укол буйырдым. Бирақ, жақсыланады десем, кем-кемнен наўқас сандырақлап, бийжағдай болып атыр.
Укол салсақта ыссылығы түсиўдиң орнына көтерилиўин даўам етер еди.
Тексериўге жиберилген қанның жуўмағы жақсы шықпады. Демек ишки қурылысларының биринен қан кетип атырған болыўы мүмкин деген ойда «рентген» қағазларды қайта-қайта көзден өткердик. Қайталап «УЗИ» ге барлық ишки органларын бирме бир түсиртип көрдик.
Кәсиплеслерим менен ойласқан ҳалда «операция» ислеп жарып көриў керек деген шешимге келдик. Буның ушын наўқастың ата-анасының руқсатын алыўымыз керек.
– Әнедей сөйлеп атырған қызыма үсти-үстине укол салып, дәриңди көтере алмай қалды. Енди оны жаражақсыз ба? Яқ! Руқсат бермеймен, – деп ашшы даўысын көтерип бағанағы анасыман деген апай емлеўхананың ишинде шаўқым салды.
Көз алдымда наўқас әжел менен айқасар еди. Аяқ-қоллары музлап, кешки алты да келген наўқастың түнги 4 те жаны үзилди. Наўқасты моргқа жибериў ушын ишки кийимлерин толық шешип көргенимизде не көз бенен көрейик? Жийде теректиң 10 см дей тикенли ушы наўқастың қуўығының үстинде шаншылып турыпты. Оны орнына жатқарып сол жерине итибар қараттық. Хирург шыпакер наўқасты операция столына жатқарды. Тикенниң кирген жери муштай болып искен, инфекция түсип қанға өтип кеткенликтен ыссылығының түспегени белгили болды. Қанша кеш болса да, наўқастың өлиў себебин тапқанымыз жақсы болды. Бирақ бәри кеш еди…
Ең өкинишлиси «ишим аўырып атыр» деп айтқанында тек ишки қурылысларын тексере бермей, үстиндеги «ишки кийим»лерин де шешип бир көзден өткергенимде болмас па еди? Бийгүна нәресте аман қалған болар еди-аў.
– Қызымды өлтирдиң, ол аздай неге оны операцияханасына аласаң қанхор! Қызымды қайтарып бер, тирилей қызымды өлтирдиң, – деп анасы пәт пенен қасыма келип мени ура кетти. Тула бойыма тийип атырған таяқтан қорғаныўды қыялыма да келтирмедим. Зарланған ананың қолының астында неше саатлап таяқ жеп турыўға қайыл едим. Үстимдеги халатымның барлық сәдеплери жулынып қалды, бас кийимим де де аяқтың астында жатыр. Кәсиплеслерим зорға айырып алды.
Ханама келип қаттыға жыладым. Қасымдағылар мениң неге жылап атырғанымды қайдан билсин?
Бундай ўақыя болып турады.
Әжели шығар, деми таўсылған да деп сөйлеп атырған кәсиплесиме қарап:
– Яқ әжел емес, оны өлтирген мен. Мениң қәтем себепли ол периштедей пәк нәлше өмир деп аталмыш мына дүнья менен хошласа алмай көз жумды. Оның бар үмити бизлерден, ақ халат кийгенлерде еди. Үмитли көзлери ашық кетти!… ишимнен атлығып шығып атырған ашшы ҳақыйқатлықты тоқтата алмас едим.
Мени кеширегөр периштем! Оннан үлкейсең ким боласаң, – деп сорағанымда аўырғанына шыдап, көзлери күлип артист болмақшыман, биринши рет телевизордан шықсам аналарға арналған «Анажаным» деген қосықты айтаман деп жуўап бергени ядымнан шығар емес. Мен тәўир болып кетемен-ғо я? Сиз мени тәўир қыласыз-ғо я, ҳеш жерим аўырып турған жоқ, тек ишим шаншып турыпты дегенлерин айтса. Жаның жәннетте болсын бийгүна нәресте! Мени кешир…
Ишимнен оннан қайта-қайта кеширим сорап атырман. Бирақ өзимди өзим ҳеш қашан кешире алмаслығымды билер едим. Ақ халатқа дақ түсиргенлердиң қатарынан орын алғанымды сезип, ертесине бас шыпакердиң алдына кирип өз арзам менен жумыстан босадым. Бәри-бир ишимдеги ҳәўир басылар емес…
Зульфия ӨСЕРБАЕВА,
журналист.