Қутырыў – ҳайўанларда ҳәм адамларда ушырасатуғын, нерв системасының аўыр жарақатланыўы менен кешетуғын, тек өлим менен тамамланатуғын жүдә қәўипли жуқпалы кеселлик. Кеселлик қозғатыўшысы вирус, кеселликке шалынған ҳайўан силекейи арқалы териниң жарақатланған жерине түсиўи нәтийжесинде жуғады.Соның ушын, үй ҳайўанлары ҳам шарўа малларын бағыў қағыйдаларына, яғний оны бәрқулла байланған ҳалда асыраў, қараўсыз ҳалда қалыўына жол қоймаў, ҳәр алты айда бир мәретебе үй ҳайўанларын ветеринария шыпакерлери көригинен өткерип турыў,
қутырыў ҳәм басқа да жуқпалы кеселликлерге қарсы емлетиў талап етиледи.
Ҳайўанлардан жәбирленген адамларды қутырыў кеселлигинен даўалаўдың бир ғана еми болған профилактикалық емлеў илажларын өткериў ушын тез медицина жәрдемине көриниўи ҳәм де қәнийгели шыпакердиң усынысына көре, өз ўақтында, қутырыўға қарсы толық емлениўи зәрүр. Әсиресе ҳайўан тислегеннен соңғы кеселлик раўажланыўдың алдын алыўда ең сыпатлы бир ғана жәрдем шыпакерге ерте көриниў, емлениў дәўиринде спиртли ишимликлерди пайдаланбаў, физикалық жақтан шаршамаў, аш қалмаў шәртлерине әмел етиўлери, емлеўден соңғы иммунитеттиң пайда болыўы үлкен әхмийетке ийе болады.
Үй ҳәм шарўа малларымызға итибарлы болайық.
Р.ИСАЕВ,
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими үгит-нәсият бөлиимшеси баслығы капитан.Ққ ЖАСЛАР 37-38-санлары
