АНДИЖАН ҲӘМ АНДИЖАНЛЫЛАР

(Журналисттиң жол дәптеринен)

Улым Жеңис «Андижан ҳәкимлиги «Ханабад» санаторийинде дем алыў ушын жоллама берди. «Узавтомоторс»қа қараслы жақсы санаторий деп атыр, ақлығыңыз бенен барып дем алып қайтсаңыз қалай болар екен?» дегенде еки ойлы болғанымды жасырмайман. Бир ойым мәмлекеттиң ана шетинен мына шетине бармағанда да бержақларында жақсы санаторийлер көп ғой десе, бир ойым жақында Қарақалпақстанда болған ўақыяларда еки миллет арасында жүз берген азғана түсинбеўшиликлердиң жөнге түсип кетиўи ушын ўақыт керек шығар деген пикирде едим.
— Бул сизиң ойыңыз, — деди балам ҳә дегеннен-ақ гәпимди мақулламай. – Бизлер андижанлылар менен сол күнлердиң өзинде араласып кеттик. Июль ўақыяларынан кейин 3-4 күн өтпестен Андижан ҳәкимлиги Кегейли районы халқына жәрдем деп 14 «Фуро» автомашинасында азық-аўқат, мийўе-палыз өнимлерин жиберди. Барсаңыз ол жақтағы кәсиплеслерим поездан күтип алып, санаторийге жайластырады. Себеп пенен Андижанды көрип қайтасыз. Өзлери шығарып салады.

Ҳақыйқатында да бийкарға «төрт аяқлаппан». Андижанға шекем поезда жол басқан 25 саатқа жуўық ўақыт ишинде дусласып сөйлескен, жолдас болған бирде-бир адам «журтыңыз тыныш па?» дегеннен ары тереңлесип бир аўыз гәп ашпады. Айырым социал тармақларда айтылып атырған «уллы халық», «киши халық» сыяқлы пикирлерди еситпедим. Мени қуўандырғаны, жақсыларға жолдас болғаным, олардың қарақалпақ халқына тилеклеслиги болды.
Бизлерди поездан күтип алып, түни менен дерлик 100 шақырым қашықлықтағы «Ханабад» санаторийине алып барып жайластырған, барлық шараятларды жаратып бериўге умтылған Андижан «Электр тармақлары» басқармасының инженери Жасурбекке қалай миннетдар болмассаң? Күн ара «Қарақалпақтың дузын көп иштик» деп кәсиплеслери, перзентлери, келиншеклери менен саўға-сәлемлерин алып келип туратуғын Бахтияр, Илҳамжан, Дәстандай, улымның қатар-қурбы кәсиплеслериниң жақсылықларына қалай кеўлиң толмайды?
Миймандос Қарақалпақстанға ким жумыс бабы менен, ким саяхат етип келип, дузын ишпей атыр? «Бир күн дузын ишкенге, қырқ күн сәлем»инен жаңылыспайтуғын андижанлылардың бизлерге көрсеткен сыйласығына қайыл қалдым. Олар санаторийде болған он еки күнниң ишинде Андижанның ең көрнекли орынларына саяхатлар шөлкемлестирди. «Боғи шамол» дем алыс орайы, «Наўрыз» базары, зоопарклери, жасалма көлиндеги катерлерде сейиллер, «Фозилман ата» зыярат орнына, Бабурдың Ҳиндстаннан алып келинген топырағына қурылған рәмзий қәбирине барып қуран тилаўат етиў, Бабур бағы, Бабур музейин тамашалаўымыз, «халықтың турмысын билгиң келсе, базарларын көриң» деп гипер маркетлерин аралатқанына, «Қарақалпақстаннан келип, пүткил Өзбекстанға белгили, Асакадағы «Шунтак» шайханадан қалай дуз-дәмек болмай кетесиз деп миймандослығын көрсеткенине қалай қуўанбайсаң?

Бул күнлери «Ханабад» электр тармақлары кәрханасының кадрлар бөлиминиң баслығы Наргиза, Бахтияр ҳәм Илҳамжанлардың зайыплары Шахзада, Муҳаддамлар менен әзелден қәдирданлардай қатнаста болдық.
Бизлерден узақта, Қырғызстан менен шегаралас аймақта жайласқан халықлардың қарақалпақ халқының үрп-әдетлери менен салт-дәстурлерин биле бермейтуғыны тәбийғый ҳалат. Олар менен қарақалпақ халқының үрп-әдетлери, дәстүрлеримиз, тойларымыз туўралы әңгимелестик. Олар Өзбекстанның басқа ўәлаятларына усай бермейтуғын дәстүрлери ҳаққында сөз етти. Бир мәмлекетте жасап, сиясатымыз бир болса да, олар менен күнделикли турмыс тәризимиздеги өзгешеликлер баршылық.
Ашығын айтыўым керек, андижанлылардан үйренетуғын нәрселеримизди де кеўлиме түйип қайттым. Олардың бириншиси, әтираптың азадалығына, гөззаллығына итибар жүдә күшли. Таң намазынан кейин көшеге қарасаң, күн шықпай атырып «Абаданластырыў»дың, «Көклемзарластырыў»дың арнаўлы кийимлердеги жумысшылары әллеқашан бири үлкен қалталарды алып шығынды терип жүргенин, аршазарларды суўғарып атырғанын, нәллердиң түплерин жумсартып, жерде көк-көмбек болып атырған шөплерди қыйып жүргенлерин, көшелерди сыпырып-сыйырып адамлар жумысларына шығаман дегенше әтирапларды минтаздай етип қоятуғынына қайыл қалдық. Бул жумысшыларға жумыс режими деп саат пенен ислеў талап етилместен, нәтийже ушын айлық ис ҳақысы төленеди екен, система солай қәлиплестирилген деген жуўмаққа келесең. Бизиң қаламыздағыдай сәскеде көшелерди бурқытып сыпырып жүргенлер, екеў-үшеў болып, ўақыт өтсе болар деп уйлығысып туратуғын жумысшыларды ушыратпадық. Жолдасларым Андижанда көшеге насыбай түпириў, семечка сатыў, шағыў жәрийма салыныўына тийкар болатуғын айтты. Сонлықтан да көшелерде тозаңғып атырған майда-шүйде шығындылар, түплери суўсызлықтан қақсап, шала қуўрап атырған нәллер көзге тасланбайды. Әтираплары тәртип пенен егилген аршазар, дарақзар, азада, адамлары тәртипке қатаң әмел ететуғын «Ханабад»ты «Өзбекстандағы Швецария» деп бийкарға атамапты.

Қулласы, қайсы аймақ болмасын, халқында қәлиплескен күнделикли турмыс тәризи, әдеби, өзгелерге мүнәсибетинде өзгешеликлер болады. Олардың жақсы тәреплерин пикирлеў, үйрениў өзлеримизге пайлы. Быйыл Андижан ўәлаятына кегейлиши жаслардың бир топарын алып барып, ўәлаяттағы жаслар турмысы менен таныстырыпты. Оларды өнерли жаслар менен ушырастырыпты. Жаслардың умтылысларын көрсетипти. «Бир көрип қайтқан менен дүнья қарасы өзгерип қалмайды» деўшилер де табылар. Бирақ, көргенлеринен тәсирлениўи бар гәп.
Барған ўақытта бирден көзге тасланатуғын гөззал көринислерге гүўа бола отырып, тап усындай ушырасыўларға, тәжирийбе алмасыўға пайтахтымыздағы «Абаданластырыў», «Көклемзарластырыў» мәкемелериниң басшыларын да алып барса екен, деген ойлар келди. Андижанлылар киби мийнетти, жумыс режиминдеги өзгешеликлерди қатаң сақлап, талап ҳәм жуўапкершиликке әмел қылынса, өзлеримиз гүўасы болып жүрген айырым орынлардағыдай сонша қаржыға алынып егилип атырған нәллер қараўсызлықтан «еки дүньяның әўереси» болып турмас, гейпара көшелердеги патаслықларға шек қойылар еди. Бул тараўлардың басшылары машиналарынан түсип, орайлық көшелерден басқа орынларға да егилген нәллерди ара-арасында болса да бир айланып көрип турса, деген тилектемиз.
Шайырлар айтқандай: «Ҳәрким елин жаман емес, жақсы дер…» деген сөз бар. Бирақ, жаманын жасырып, мақтаўын асыра бергенимиз бенен елимиз көркейип кетпейтуғыны да бар гәп. Андижанлылар туўралы сөз ете отырып, оларды бизиң шараятларымыз бенен салыстырыўымыз бийжөн емеслигин түсинерсиз деген үмиттемен…

Пердегүл
ХОЖАМУРАТОВА,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.