Елимиз бойлап барлық мектеплерде быйылғы 2020-2023 жаңа оқыў жылының биринши оқыў күни, дәстүрий «Биринши қоңыраў» кешеси менен басланды.
Пайтахтымыздағы «Бестѳбе» МПЖ аймағында жайласқан 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де дәслепки қоңыраў сести жаңлады. Мектеп алдында Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының гимнлери атқарылып, мектеп директорының руўхый ҳәм ағартыў ислери бойынша орынбасары Талғат Баймухамедов кешени
ашып берди. Оннан соң мектеп директоры Арзыгүл Қощанова ҳәм кеше мийманлары Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министри орынбасары Б.Қусекеев, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана баслығының биринши орынбасары А.Тасбаев шығып сѳйлеп, жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлап, табыслар тиледи.
38-санлы «Бестѳбе» МПЖ баслығы Т.Жумамуратов сѳзге шығып, жыйналғанларды «Жаңа Ѳзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астындағы байрамланып атырған Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы байрамы менен қутлықлады. Ҳәр бир атқан таңымыздың тыныш парахат турмысымыздың қәдирине жетип, елимиздиң еле де гүллеп-жаснаўына ѳз үлеслерин қосыўға, мүнәсип перзент болыўға ѳз тилеклеслигин билдирди.
Буннан соң оқыўшылар асыға күткен жаңа оқыў жылының дәслепки қоңыраўы қағылды. Быйылғы оқыў жылында 1-классқа 45 оқыўшы қабылланып, оларға Президент саўғалары тапсырылды. Оқыў қураллары менен толтырылған мектеп сумкаларын қабыллап алған оқыўшылардың қуўанышында шек жоқ, ата-аналар да жүдә миннетдар болды.
«Жаңа Ѳзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» темасында ғәрезсизлик сабағы ҳәр бир класста болып ѳтти.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
өз хабаршымыз.
