Дүрмен деп еситсем де бул жерлерге биринши келиўим. Таныс емес адамлар, таныс емес жерлер. Ѳзбекстан Жазыўшылар аўқамына ағзалығымды тастыйықлаўшы ҳүжжетимди кѳрип болып қолыма «39» деп жазы

лған гилтти берди. Үшинши қабатқа кѳтерилдим. Оң тәрептеги ең соңғы бѳлме екен. Бѳлме иши таярланып, ҳәмме жер азада етип тазаланып қойылған екен.
Келгенимде түслик болып қалған еди. Биринши нәўбетте түсликке барыўдан бул жердеги ѳмиримди басладым. Ѳзимиздиң аўылдан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Каримов (ѳмирлик жолдасы менен) ҳәм белгили шайыр Шарапатдин Аяпов апамыз Рысгүл Жумабаева менен дем алып атыр екен. Және де Дәўлетбай Хожаниязов, Пердебай Нуржановлар да дем алыўға келипти. Жаслар «Замин» семинарына келип, усы жерде турған екен. Ҳәммемиз биргеликте сүўретке түстик. Асханасы кең, жарық бѳлмели екен. Қысынып аспаздың жәрдемшиси кѳрсеткен орынға отырдым. Түсликке берилген аўқатларды ишип сыртқа шықтым. Рысгүл апаға рахмет ҳәмме жерди таныстырды.
Келгенде бул гөзаллыққа жазыўшылық илҳам-йош пенен нәзер салмаған екенмен. Ҳәмме жер кѳп-кѳмбек болып, жайнап тур екен. Қойыў саялы тереклер жаздың қайнаған ыссысынан жазыўшы-шайырларды тосып, кең баўырына тартып тур. Узынына егилген жүзимлер писип, кѳздиң жаўын алады. Бағына урлана қарайман.
– Бул жердиң ҳаўасы жүдә басқаша. Отырсаң билесең. Кел, мына жерде отырайық-деп бир отырғышты кѳрсетти Рысгүл апа. Шынында да бул жердеги гѳззаллықты сѳз бенен тәрийплеў қыйын. Шайыр болғанымда әлле қашан бул көринислерди қосық қатарларына салар едим. Ҳәй, мәйли-дә, жазыўшы болғаныма да шүкир. Болмаса бундай сулыў тәбияттан бийнесип қалар едим. Ҳәр, ҳәр жерде отырғышлар орнатылған. Бул жердиң ҳаўасы да ѳзгеше.
– Шығысынан бир канал, батысынан бир канал ағып ѳтеди. Сол ушын қайнаған ыссыда салқын болады. Ҳаўа алмасыўы жүдә жақсы. Усы жерге келсем ѳзимди жақсы сеземен-дейди Дәўлетбай аға.
– Бул жердиң «коридоры» улыўма ѳзгеше. Бир сыйқыры бар болса керек. Сырттың температурасы менен иштиң температурасында парық бар. Еки тәрепке де бир ўақыттың ѳзинде ѳлшегиш қойып, ѳлшеп кѳргенмен-дейди усы жердиң хызметкери Руслан деген жигит.
– Аўқам дәўирлеринде орыслар бул жердиң ѳнимдар жерлерине, таза, салқын ҳаўасына жүдә кеўли кетеди. Тап мына жерлерге малдың бир санының гѳшин илдирип қояды. Ҳайран қаларлығы, бир ҳәптеге шекем гѳш бузылмай, ѳз қәлпинде турған екен – деген еди. Рысгүл апа да тап-таза ҳаўасынан тойып-тойып дем алып атырған пайытларым.
Әсиресе, күн батып, әтирап қараңғылық «липасын» жамылған пайытлары Дүрмен әтираплары және де сулыў түске енеди.
Ҳәр қыйлы реңдеги светлерде «Дүрмен дѳретиўшилик үйи» деген жазыўлар пайда болады. Кѳгис түсте әтирапыңды орап алған светлер және де қәлбиңе ѳзгеше сезимлерди уялатады. Ҳаўасы салқынласып, рәҳәт бағыш қандай да нурлар пүткил денеңди орап алып, басыңнан сыйпалап, еркелеткендей болады. Ҳеш бир шаўқымды еситпейсең. Жазыўшы-шайырлар да бир-екеўи қосылып, даўысын кѳтере бермей сѳйлескени болмаса, бәрқулла бул жерде тынышлық «ҳүким» сүрип турады. Сонда да ҳәмме жерде «Илтимас, тынышлық сақлансын» деген жазыўларды кѳрип таңланасаң.
Үш мезгил асханаға барыўды есапламасаң, күн бойы тынышлықтың ҳүкимранлығында боласаң. Неше бир ѳзбек әдебиятына үлес қосқан жазыўшы-шайырлардың ҳәр дайым келип-кетер сүйикли демалыў орнына айланған Дүрменге келиўшилердиң ҳәр жылы санлары артып бара береди.
Бѳлмеде бир ѳзим қалыўдан бәрқулла қорқатуғын мен бул жерде кѳбирек жалғыз дем алыўды ойлайтуғын болып қалдым. Әлле, қашан қағаз-қәлемимди (Ҳәзир заманагѳйлесип, компьютерде жазамыз) еки тәрепке атып, әдебият майданынан алыслап кеткенимди усы жерге биринши келген күннен-ақ аңладым. Ѳзимнен-ѳзим жүдә уялдым. Мениң 4-5 китапты шығарғаныма усыншелли ҳүрмет етип усындай жәнәәт мәкан жерлерде демалыўдай имканиятты жаратып қойған бир пайытлары мен болсам, жазыў столына келиўди де умытып кетиппен. Енди оқыўшыларыма не деймен? Ҳәр жылы жыл жуўмағында жазыўшылар аўқамында есабат жыйналысы болады. Сонда «ирилеў» нең бар десе жүзимди тѳмен қаратып тураман ба? «Бай-буў, Арыўхан, ѳзиңниң журналист, жазыўшы екениңди умытып баратырған екенсең ғой. Еле де бул жерге келгениңди айт. Болмаса шаңарақ тәшўиши, жуўыр-жуўыр менен ертең жасың ѳтип қалып, ўақ, әттең деп отырарма едиң. Ҳәзир де жас емессең. Ярым әсир де ҳаял адам ушын аз жас емес». Ѳз ҳүжданым менен «алысып» жүрип китапханадан Шадман Атабектиң «Дүрмен әңгимелери» атлы китабын әкелдим де тезирек оқыўға асықтым. Әлле, қашан басымда жыйналып турған балаларға арналған гүрриңлеримди избе-из сатырлатып, қағазға асығыс түсире басладым. Ишимде жазатуғын ҳәриплерим соншама топланып қалыпты, бир-бирине орын белгиси келмей, дүнья жүзин кѳргизип келип, қәлбимди «жарып» шығып атыр, шығып атыр.
«Ой буў, қәлбиме буншелли ҳазар бериппен ғой. Ўақыт таўып, қағаз қаралап турғанымда сонша сѳзлер дизбеклесип шығып келмес еди»-деп қояман балаларға арналған гүрриңлерди жазып атырып.
Қаланың жабық ҳаўасында ҳәр күни бир қыйлы ѳмирге, түрли машқалаларға зорға шыдап жүрген нервлерим бундай кең жерде «уҳ» деп қушағын жайып, «дем алды». Денелерим де босасып қалғанлықтан қәлбим ѳз-ѳзинен даўыслап қосық айтқысы келеди. Ѳмиримде келиспейтуғын ҳаўазымнан уялып қосық айтпайтуғын мен ѳзимше ыңылдап, пүткил қәлбимди қуўаныш бийлеп қандай да нама қосықларын айтып атырман.
Қызларым менен Ташкентке келип орайында тѳрт күн қыдырып, барлық сулыўлықлардан заўықланып келген мендей инсанды Дүрмен ѳз «әткѳншегине» отырғызып, тербете баслады. Ҳәл ҳаўаға кѳтерилген сайын жаманлардың зуғымынан бәрқулла езилип қалған қәлбим, бундай бостанлықтан «ҳаўаланып» кетпесе болды-деп қәўетерленип те қояман. Шарапатдин шайыр менен бирге ҳәр үш мезгил сәўбетлес боламыз. Ол Хайрулла Султановтың «Наўайы 30» атлы китабын оқыўымды усыныс етти. Еле «Дүрмен әңгимелерин» н оқып болмасам да китапханашы қыз Шийриннен бул китапты да алдым. Алтыншы китабымның балаларға арнаўын ойлап жүрген едим. Мине, оны да басладым. Еки китап оқыў, күнделик жазыў, усы мақаланы қағазға түсириў, басқа ўәлаятлардан келген жазыўшы-шайырлар менен сәўбетлесиў. Бул жерде де басымда мыңсан-еки жумыс турар еди. Кѳкирегимниң шеп қапталындағы кишкене ғана бир нәрсе урып турар екен, бендеси бул ѳмирдиң тәшўишинен ҳеш қашан қутылып қаша алмайды екен. Бирақ, бул иретки ислерим ѳзиме жүдә жағар еди. Бул мениң кәсибим, ѳзим таңлаған жолым, балалығымнан таңлап-таңлап қыйыншылық пенен ерискен жемислерим болған соң сирә ҳәм қыйналмастан, уйықламастан тезирек питириўге, яғный оқыўға, жазыўға жан-тәним менен кирискенмен.
Сыртта айланған ўақытларымда Рысгүл апа кѳрсеткен еки дәрўазаның ашылыўын күтемен. Иштеги ѳмир менен қызығаман. Бири Зульфия шайырдың Хамид Алимжан менен жасаған үйи, екиншиси Абулла Ариповтың шаңарағы. Абулла шайырдың үйиниң қасында отырған сүйкимли, жүзи күлип турған ҳаялға кѳзим түсип, жүрегим тез-тез урып кетти.
Ташкентке келгели қасыңнан ѳткен үлкен-кишиниң қолларын кѳксине қойып сәлем беретуғынына үйренип қалдық. Сериалларда усындай шығар десек ѳмирде де бул ѳзбек халқы жүдә ҳүрметти ѳз жайына қоятуғын, күлип туратуғын халық екен. Апа да бизлер менен кѳрисип қасына мирәт етти. Нѳкистен келгенимизди еситип, сорасты.
(Даўамы бар)
Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.
