Ғәрезсизлик жылларында Қарақалпақстан Республикасыныӊ қала ҳам районларында заманагөй үйлер ҳәм имаратлар қурылып келинбекте. Ҳәзирде республикамызда жаӊа қурылыслардыӊ саны жыл сайын көбейип, ҳәр тәреплеме өзине сай заманагөй имаратлар бой тиклемекте. Сондай-ақ Тақыятас районыныӊ аймағында сыртқы көриниси менен бузып турған ески имарат ҳәм қурылмалар орнына да жаӊа архитектуралық шешим тийкарында заманагөй имаратлар қурыў ислери алып барылмақта. Мине сол сулыў бой тиклеп атырған имаратлардиӊ қәўипсиз қурылыўында өрттен асыраў барысында Тақыятас районы өрт қәўипсизлиги бөлимшеси тарепинен де бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, мәкеме, кәрханаларда, пуқаралардыӊ турақ жайларында, қурылыс имаратларында өрттиӊ алдын алыў илажларын күшейттириў, үгит-нәсият жумысларын алып барыў, рейдлер шөлкемлестириў соныӊ менен бир қатарда Мәҳәлле пуқаралар жыйынларында ушрасыўлар өткериў менен бирге өртке алып келиўдиң алдын алыў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Район аймағында бир қанша түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумыслары алып барылыўына қарамастан айрым пуқараларымыздыӊ өртке итибарсызлық пенен караўы нәтийжесинде көплеген өртлер ҳәм материаллык зыянлар келтирип шығарып атырғаныныӊ гүўасы болып атырмыз. Сол себепли район аймағында таза қурылыс имаратларында өрттин алдын алыў мақсетинде қурылыс исши хызметкерлери менен биргеликте түсиндириў жумыслары алып барлып ҳәр қандай өртке алып келиўши затлардан пайдаланбаў ҳәм қурылыс имаратлары ишинде түнги ўақытлары қалмаўлары хаққында қурылыс ис басқарыўшыларына түсиндирилди. Усы қурылысларда бахытсыз ҳәдийселердиӊ жүз бермеўи ушын, қурылыс даўамында имаратлар биринши дәрежели өрт өшириў қураллары менен тәмийнлеўиӊизди ҳәм кепсерлеў жумыслары барысы даўамында ток сымлары «Электр үскенелерин орнатыў» кағыйдасына муўапық ҳалда жүргизилиўди, газ тармағынан резина шланга аркалы пайдаланбаўды қурылыс барысында аймақта ашық оттан пайдаланыўға жол қоймаў ҳәм басқада өртке алып келиўши затлардан пайдаланбаўды және бир мәрте ескертемиз. Ҳурметли район мийманлары ҳәм қурылыс исши хызметкерлери сизлерди өрт қәўипсизлигин сақлаўда жоқарыда айтып өтилген әпиўайы қағыйдаларға әмел қылыўларыӊызды сораймыз.
Д.Есимбетов,
Тақыятас районы АЖБ НТБ баслығы, майор.
